«Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў, сондай-ақ, айырым нызам ҳүжжетлерин өз күшин жойытқан деп табыў ҳаққында»ғы Нызамға (ӨРН-786-санлы, 03.08.2022 ж.) Президент тәрепинен қол қойылды.

Нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте мәмлекетлик ҳәкимият басқарыў уйымлары жумысының ашық-айдынлығы ҳаққындағы нызамшылықты бузғаны ушын лаўазымлы шахсларға БЕМның 3 есесинен 5 есесине шекем (900 мың сумнан 1,5 миллион сумға шекем) жәрийма салыўға себеп болатуғыны белгиленди.

Бул ҳуқықбузарлықлар бойынша Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигиниң лаўазымлы шахслары ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққында протокол дүзеди.

«Адвокатура ҳаққында»ғы Нызамда адвокатлар экономикалық, пуқаралық ҳәм ҳәкимшилик ислерди әмелге асырып атырған мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес суд-экспертиза шөлкемлери тәрепинен шәртнама тийкарында исеним билдиретуғын шахстың келисими менен экспертиза өткерилиўин сораў ҳуқықына ийе екени белгиленди.

Сондай-ақ, адвокат экспертиза жуўмағын ис материалларына қосып қойылатуғынын ҳәм суд тәрепинен бул шешим истеги дәлийллер менен биргеликте баҳаланатуғыны талап етилиўи мүмкин.

Суд экспертлик жумысы менен мәмлекетлик емес шөлкемлердиң шуғылланыўына рухсат берилгени мүнәсибети менен Пуқаралық процессуаллық кодекс ҳәм Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодекске мәмлекетлик емес суд-экспертиза шөлкеми түсиниги киргизилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги