Əндижан, Нѳкис ҳǝм Наўайы аэропортлары келешекте “Ашық аспан” режимине ѳткериледи.

Ѳзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев басшылығында 22-февраль куни сырт елли туристлер ағымын кѳбейтиў ҳǝм ишки туризмди буннан былай да раўажландырыў, туристлик хызметлерин жақсылаў ҳǝм түрлерин кеңейтиў бойынша кѳрилип атырған илажлардың нǝтийжелилиги бойынша ѳткерилген видеоселектор жыйналысында усы ҳаққында мǝлим етилди.

Атап ѳтилгениндей, Жǝҳǝн туристлик шѳлкем мағлыўматына қарағанда, ҳаўа транспортының қымбат болыўына қарамастан дүнья жүзинде туристлердиң дерлик 60 проценти усы транспорт хызмети түринен пайдаланады.

Президент жыйналыста “Ўзбекистон ҳаво йўллари” миллий авиакомпаниясының бул бағдардағы жумысларын сынға алып, яғный авиабилетлер баҳасын оптималластырыў, жаңа рейслер ашыў, транзит жолаўшыларын тасыў имканиятын асырыў ҳǝм авиақатнаўлар географиясын кеңейтиў бойынша қатаң тапсырмалар берген еди.

Бул бағдардағы жумысларды жетилистириў мақсетинде шет ел тǝжирийбесин үйрениў тийкарында “Қаршы” аэропортында “Ашық аспан” режими енгизилген еди. Келешекте усындай система Əндижан, Нѳкис ҳǝм Наўайы аэропортларында да қолланылатуғын болды.

“Ашық аспан” режими ǝмел ететуғын аэропортқа шет елли авиатасыўшылар ҳеш бир шеклеўлерсиз пǝрўазларды ǝмелге асырады

Ҳǝзирги ўақытта елимизде бундай статусқа ийе аэропорт жоқ.

 

ҚМУ Журналистика тǝлим бағдары 2-курс студентлери