Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 29-июль күни пайтахтымыздағы Шанхай бирге ислесиў шөлкеми Сыртқы ислер министрлери кеңеси мәжилисиниң илажларында қатнасып атырған ШБШға ағза мәмлекетлер делегацияларының басшыларын қабыллады.

Ушырасыўда Ҳиндстан Республикасы сыртқы ислер министри Субраманьям Жайшанкар, Қазақстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – сыртқы ислер министри Мухтар Тлеўберди, Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеңесиниң ағзасы, сыртқы ислер министри Ван И, Қырғыз Республикасы сыртқы ислер министри Жээнбек Кулубаев, Пакистан Ислам Республикасы сыртқы ислер министри Билавал Бхутто Зардарий, Россия Федерациясы сыртқы ислер министри Сергей Лавров, Тәжикстан Республикасы сыртқы ислер министри Сирожиддин Муҳриддин, сондай-ақ, Шөлкемниң бас хаткери Чжан Мин ҳәм ШБШ Регионаллық контртеррор структурасы Атқарыў комитетиниң директоры Руслан Мирзаев қатнасты.

Көп тәреплеме бирге ислесиўдиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм ШБШны буннан былай да раўажландырыў перспективалары додаланды. Өзбекстанның бирлеспеге басшылығы даўамында өткен дәўирде биргеликте әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелери ҳәм усы жылы сентябрь айында Самарқандта өтетуғын саммит күн тәртибине айрықша итибар қаратылды.

Халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша да пикир алысылды.

Мәмлекетимиз басшысы ШБШ мәмлекетлери министрлерине мүрәжат етип, бүгин дүнья ақыбетлерин прогнозластырыў қыйын болған, алдыннан айтып болмайтуғын түпкиликли трансформация процесслерин басынан өткерип атырғанын атап өтти. Глобаллық көлемде исеним ҳәм өз-ара түсинисиўдиң жетиспеўшилиги барған сайын терең сезилмекте.

Өзбекстан жетекшиси дәстүрий кооперация ҳәм логистика шынжырлары бузылып атырғаны, дүнья мәмлекетлериниң көпшилигинде азық-аўқат ҳәм энергетика қәўипсизлиги тараўындағы жағдай қыйынласып, инфляция көрсеткишлери жеделлик пенен өсип атырғаны, социаллық-экономикалық жағдай төменлеп атырғанын көрсетип өтти.

Бундай қыйын шараятта қәўипсизлик ҳәм турақлы раўажланыўға қәўип салып атырған заманагөй қәўип-қәтерлерге сәйкес түрде илаж көриў ушын ис-ҳәрекетлерди нәтийжели муўапықластырыў ҳәм көп тәреплеме тийкарда тығыз бирге ислесиўге талап күшейип бармақта.

ШБШға ҳәм усы шөлкем менен әмелий бирге ислесиўди жолға қойыўға қызығыўшылық артып атырғаны да бийкарға емес. Бүгинги күнде оннан аслам мәмлекеттен шөлкемниң жумысында ямаса бул статуста қатнасыў бойынша келип түскен арзалар көрип шығылмақта.

Президентимиз ШБШ өзиниң сиясий, экономикалық ҳәм илимий-интеллектуаллық потенциалына бола ең қүдиретли бирлеспелерден бири екенин атап өтти. Шөлкем мәмлекетлердиң үлесине жәҳән ЖИӨниң дерлик шерек бөлеги ҳәм планетамыз халқының ярымы туўра келмекте.

Өзбекстанның ШБШға басшылығына тоқтап өтип, мәмлекетимиз жетекшиси 70 тен аслам ири илаждың табыслы өткерилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Самарқанд саммитиниң жуўмағында қабыл етилиўи нәзерде тутылған 28 ҳүжжетти келисиў процесслери жуўмақланды.

Регион ишиндеги саўданы, санаат кооперациясын хошаметлеў, транспорт жағынан өз-ара байланыслылық бойынша концепция ҳәм бағдарламалар усылар қатарына киреди. «Жасыл» экономика, инновациялар, санлы технологиялар, логистика, аўыл хожалығы, медицина ҳәм басқа да тараўлардағы қоспа жойбарлар менен илажлар да ислеп шығылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы ШБШны буннан былай да раўажландырыўдың бир қатар принципиаллық тәреплерин белгилеп берди. Олар – Шөлкемниң ҳеш қандай блокларға қосылмаў статусын сақлаў, жаңа қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бойынша потенциалын күшейтиў, Орайлық Азияның ШБШның «географиялық өзеги» сыпатындағы орнын сақлап қалыў, трансрегионаллық өз-ара байланыслылық жойбарларын алға қойыў ҳәм Аўғанстанды региондағы экономикалық процесслерге буннан былай да жедел тартыў.

Ушырасыў жуўмағында ШБШ жеринде мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың мәплери жолында дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларын, кең көлемли бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге Өзбекстанның умтылысы исенимли екени және бир мәрте атап өтилди.

Жоқары мәртебели мийманлар Өзбекстан Республикасы Президентине қызғын қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, өз мәмлекетлери жетекшилериниң сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

ӨзА