Джонатан Хеник әмелдеги елши, АҚШтың Қазақстандағы елшиси лаўазымында жумысын даўам еттиретуғын Дэниел Розенблюмның орнына келеди.

Джонатан Хеник – АҚШ дипломатиялық хызметиниң жоқары лаўазымлы әмелдары. Өткен жылдан берли ол Миллий қорғаныў университети жанындағы Мәлимлеме ҳәм кибермәкан колледжинде АҚШ Мәмлекетлик департаментиниң кафедра баслығы лаўазымында ислеп келген.

Алдын ол Қубла ҳәм Орайлық Азия мәселелери бюросында  Мәмлекетлик хаткер жәрдемшисиниң орынбасары лаўазымында ислеп, Орайлық Азия мәмлекетлери бойынша жуўапкер болған. Ол рус, португал, түрк ҳәм әзербайжан тиллерин биледи.

Хеник «АҚШ мәплерин алға қойыў ҳәм Өзбекстан менен стратегиялық шериклигимизди беккемлеў, еки тәреплеме қәўипсизлик, халықлар ҳәм экономикалық байланысларымызды беккемлеў және демократиялық қәдириятларды алға қойыў»ға умтылатуғынын атап өтти.

Бурынырақ АҚШ президенти Жо Байден мәмлекеттиң Өзбекстандағы жаңа елшиси сыпатында Джонатан Хениктиң кандидатурасын көрсеткени хабар етилген еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги