Туўылған күним мүнәсибети менен шын жүректен өзлериниң қызғын қутлықлаўларын жоллап, жақсы тилеклерин билдирген мәмлекет ҳәм ҳүкимет баслықларына, шет елли сиясатшы ҳәм жәмийетлик ғайраткерлерге, халықаралық шөлкемлердиң басшыларына, исбилермен топарлардың ўәкиллерине, елимиздеги мәҳәллелер менен мийнет жәмәәтлерине, ҳәр қыйлы кәсип ийелери болған барлық ўатанласларымызға терең миннетдаршылығымды билдиремен.

Көп миллетли халқымызға ҳәм мәмлекетимизге жоқары ҳүрмет-иззет көриниси болған усы қутлықлаўлар менен тилеклер мен ушын оғада қәдирли болып, оларды Жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы кең көлемли демократиялық реформаларымыздың және мәмлекетимиздиң дүнья жүзинде артып атырған абырай-мәртебесиниң және бир тән алыныўы сыпатында қабыл етемен.

Мине, усы қуўанышлы әййямда «Инсан қәдири ушын» деген ийгиликли принцип тийкарында Раўажланыў стратегиясын әмелге асырыўда шешиўши күш болған мийнеткеш ҳәм кеңпейил, көп миллетли халқымызға өзимниң жоқары перзентлик меҳримди ҳәм ҳүрметимди билдириўден оғада қуўанышлыман.

Ел-журтымыздың күш-ғайраты ҳәм дөретиўшилик потенциалы менен нызам ҳәм әдиллик барлық тараўларда үстин болатуғын халықшыл мәмлекет ҳәм жәмийет қурыў бойынша өз алдымызға қойған жоқары мақсетлерге, әлбетте, ерисиўимизге беккем исенемен.

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти