Усы жыл 23-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз отыз екинши сессиясы болып өтти.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, секторлар ҳәм тийисли тараўлардың басшылары, қала ҳәм район ҳәкимлери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Сессияның күн тәртибинде шөлкемлестириў мәселеси қаралды.

Қарақалпақстан Республикасы прокуроры болып ислеп келген Фархат Алламбергенов денсаўлығына байланыслы өз арзасына муўапық лаўазымынан босатылды.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 70-статьясы, 10-бәнтине муўапық Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры келисими менен усы күнге шекем Қашқадәрья ўәлаятының прокуроры лаўазымында ислеп келген әдиллик аға кеңесгөйи Эркабай Таджиев Қарақалпақстан Республикасы прокуроры лаўазымына усыныс етилди.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Х.Ешимбетов,  Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары А.Данияров шығып сөйлеп, усынылып отырған талабанды қоллап-қуўатлады.

Оның  өмир баяны ҳәм мийнет жолы менен танысып шыққан депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Сессияда Э.Таджиев шығып сөйлеп, билдирилген жоқары исенимге миннетдаршылығын билдирди ҳәм нызам үстинлигин, пуқаралардың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўға өзиниң бар билими менен тәжирийбесин жумсайтуғынлығын айрықша атап өтти.







Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз отыз екинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Сесссияның жумысына Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры Н.Йўлдашев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги