Президент Шавкат Мирзиёев 22-июль күни Сурхандәрья, Наманган ҳәм Ташкент ўәлаятларында ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаўға қаратылған жойбарлар менен танысты.

Ишимлик суўы халықтың денсаўлығын, турмыс сапасын тәмийинлеўде әҳмийетли дәрек болып табылады. Сонлықтан бул мәселеге айрықша итибар қаратылып, мәнзилли жойбарлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, 2017-2022-жылларда 12 триллион сум есабынан 25 мың 300 километрден аслам тармақлар, 1 мың 800 ден зыят суў объектлери қурылған ҳәм қайта тикленген. Нәтийжеде 6 миллион 500 мың халық биринши мәрте орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленген, 4 миллионнан зыят адамның суў тәмийнаты жақсыланған. Улыўма, бүгинги күнде халықтың орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленгенлик дәрежеси 70 процентти қурамақта.

2022-2026-жылларға мөлшерленген Раўажланыў стратегиясында орайласқан ишимлик суў менен қамтыўды 87 процентке жеткериў, 155 район орайларында ақаба суў системасын жаңалаў мақсети белгиленген. Сурхандәрья, Наманган ҳәам Ташкент ўәлаятларында режелестирилген жойбарлар соның бир бөлеги болып табылады.

Мәмлекетимиз басшысы мине, усы аймақларға айрықша итибар қаратқаны бийкарға емес. Себеби, Чуст, Поп, Наманган ҳәм Музрабатта ишимлик суў тәмийнаты 50 процент болып, жағдайы қалған районларға салыстырғанда аўыр. Бар тармақлар да ескирген. Суўдың қаттылығы 1,5 есеге артқаны ушын асқазан-ишек ҳәм урология кеселликлери көбейген.

Янгийўл, Ангрен, Шыршық, Алмалық ҳәм Бекабад қалаларында ақаба суў менен қамтыў 60 процентке де жетпейди. Бул көрсеткиш Чуст ҳәм Чиназ районларында 3 процент болса, Мыңбулақта улыўма жоқ. Кейинги жылларда бул район ҳәм қалаларда көплеген турақ жайлар қурылып, халықтың саны және өскен.

Презентацияда жуўапкерлер бул үш жойбар бойынша мәлимлеме берди.

Бул жойбарлар Сурхандәрьяның Музрабад районы, Наманганның 4 районы, Ташкент ўәлаятының 7 қаласында ҳәм районында әмелге асырылады. Олар шеңберинде 660 километр ишимлик ҳәм ақаба суў тармағы, 4 суў алыў, 7 суў тазалаў, 12 ақаба суў станциясы қурылады. Жәми 1 миллион 200 мың халықтың талабын қамтып алады. Соның ишинде, 590 мың халық бирниш мәрте ишимлик ҳәм ақаба суў хызмети менен тәмийинленип, 595 мыңының суў шараяты жақсыланады.  

Жойбарлардың техникалық-экономикалық тәреплери додаланып, Президентимиз «олар ушын суў дәреги жетерли ме» деген сораўды қойды. Жойбарлар шеңберинде кеминде 30 жылға жететуғын суў резервин жаратыў зәрүрлигин атап өтти.

Екиншиден, қурылыстың өзине түсер баҳасын арзанлатыў бойынша усыныслар берилди. Соның ишинде, сатып алыўларды 80 процент локализациялап,  10 процент үнемлеў мүмкин екени айтылды.

Және бир әҳмийетли мәселе – жумсалған қаржылардың қайтымын тәмийинлеў. Себеби, көп орынларда ишимлик суўы ушын төлемниң түсими толық емес. Наманган, Сурхандәрья ҳәм Ташкент ўәлаятында дебиторлық қарыздарлық 210 миллиард сумға жеткен.

Сол себепли энергияны үнемлейтуғын үскенелерден пайдаланып, суў жеткерип бериў қәрежетлерин қысқартыў, шығынларды азайтыў ўазыйпасы қойылды. Барлық процесслерди санластырыў, мәҳәлле кесиминде ислеп, төлемди тәмийинлеў әҳмийетли екени атап өтилди.

ӨзА