Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Тынышлық ҳәм татыўлық бийбаҳа байлық» атамасында ушырасыў болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы Б.Матмуратов, университет ректоры, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты А.Реймов, Нөкис қаласы Ишки ислер уйымларының жумысларын муўапықластырыў басқармасының баслығы З.Зайтов, профессор Б.Абдикамалов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, усы жылдың 1 ҳәм 2-июль күнлери Нөкис қаласында болып өткен ўақыялар бәршени тәшўишке салып, жасы үлкенлер менен бир қатар жасларымызды да тынышлық қәдирине жетип жасаў қаншелли әҳмийетли екенлигин және бир мәрте көрсетти.

Бундай кеўилсиз ўақыялар аймағымыздың ҳәр тәреплеме раўажланыўына, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмысына кери тәсир ететуғынлығы айрықша атап өтилди. Сонлықтан да бундай жағдайларды болдырмаў, оның алдын алыў бәршемиздиң миннетимиз болып табылады.

Соңғы жыллары республикамызда кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Буны Нөкис қаласы, район орайларында, шетки аўылларымызда, Арал теңизиниң қурыған түбинде алып барылып атырған жумыслардан көриўимизге болады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айрықша жағдайдың әмел етиўин мүддетинен бурын тоқтатыў ҳаққындағы мүрәжатын ҳәм Қарақалпақстан Республикасы аймағында жәмийетлик тәртип ҳәм көрилген илажлардың нәтийжесинде пуқаралардың қәўипсизлиги, олардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў тикленгенин есапқа алып, Президентимиз тәрепинен  республикамыздың аймағында енгизилген айрықша жағдайдың әмел етиў мүддети мүддетинен бурын тоқтатылғанлығы халқымызға болған айрықша ҳүрметтиң әмелдеги көриниси болды. Буннан тийисли жуўмақ шығарған ҳалда аймағымызда тынышлықты тәмийинлеўимиз, халықлар арасындағы дослықты беккемлеўге өз үлесимизди қосыўымыз талап етиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги