Республикамызда 2022-жылдың 1-июль сәнесиндеги мағлыўматлар бойынша, жәми 325 транспорт хызметин көрсетиў шөлкемлери жумыс ислемекте.

Оларда жәми 4580 автомобиль бар. Соның 268 и автобус, 95 и микроавтобус, 3882 си жеңил транспорт, 335 и жүк тасыўшы автомобильлер болып есапланады.

Жәми 474 маршрут бойынша хызмет көрсетилмекте. Соннан, ишки маршрутлардың саны 295, басқа район ҳәм қалалараралық маршрутлардың саны 179 ға жетти.

Быйыл 6 ай даўамында автомобиль транспортында 16,0 миллион тонна халық хожалығы жүклери тасылып, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 103,1 процентти қурады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрилигиниң аймақлық санаатты раўажландырыў бөлиминиң бас қәнигеси А.Орынбетова. – Жүк айланысы 413,0 млн.тн/км-ди қурап, өсим пәти 103,6 процентке жетпекте.

Жеке меншик транспорт ийелери тәрепинен 5,2 миллион тонна жүк, ал, автомобиль траспортында 31,9 миллион жолаўшы тасылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги