Қараөзек районы аймағында кексе әўлад ўәкиллерине ҳәр тәреплеме шараятлар жаратып бериў мақсетинде район орайынан, «Нураныйлар мәканы» имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Имараттың ашылыў салтанатында район ҳәкими У.Утамбетов ҳәм Қарақалпақстан Республикаси Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министриниң орынбасары Т.Абдижаппаров ҳәм белсенди нураныйлар қатнасты. Бул имаратта нураныйлар ушын медицина ханасы, китапхана, спорт заллар ислеп тур.

Ашылыў салтанатында имаратты қурып питкерген қурылысшыларға район ҳәкимлигиниң миннетдаршылық хаты тапсырылып, мийманлар имараттағы мүмкиншиликлер менен танысты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы