Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында 2021-2022-оқыў жылының питкериўшилерине диплом тапсырыў мәресими болып өтти.

Ветеринария медицинасы, зооинженерия (жылқышылықҳәм түйешилик), зооветеринария (балықшылық) бағдарлары бойынша билим алған жәми 36 жас қәнигелиги бойынша дипломға ийе болды. Илажда филиал директоры Әдилбай Есимбетов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, оқыў орнының тарийхындағы дәслепки питкериўшилерди  қызғын қутлықлап, олардың алдағы жумысларында табыслар тиледи.

-Президентимиздиң басламасы менен шөлкемлестирилген филиалымыздың дәслепки питкериўшилери үлкен өмирге жоллама алмақта,-дейди оқыў орнының директоры Әдилбай Есимбетов.-Келешекте олардың ҳәр бири республикамызда ветеринария ҳәм шарўашылық тараўын раўажландырыўға өзлериниң салмақлы үлеслерин қосады, деген үмиттемиз.

Илаж соңында питкериўшилерге дипломлар салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги