Бүгинги күни келешек ийелери болған жаслар ушын кең имканиятлар жаратылмақта. Мәмлекетимиз тәрепинен шәртнама пулларын төлеў ушын жеңиллетилген кредитлер, субсидиялар ҳәм басқа да қолайлықлар жаратып берилмекте.

«Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасы басшылары тәрепинен бул жерде жумыс ислеп атырған жаслардың билим алыўына айрықша итибар қаратылмақта.  Атап айтқанда, жоқары мағлыўматлы қәниге болып шығыў тилегиндеги жаслар ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта.

Быйылғы жылдың өзинде жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсыратуғын жаслар ушын математика, химия, рус тили пәнлеринен бийпул таярлық курслары шөлкемлестирилип, оларда 30 жас ҳәр бир пән бойынша билимин жетилистирди.

Жақында  30 жас қәниге ҳәм бул жерде мийнет етип атырған 4 хызметкердиң перзенти Ташкент қаласындағы Д.И.Менделеев атындағы Россия химия-технология университетине ҳүжжет тапсырып, тест сынақларына барып қайтты. Жаслардың жол, мийманхана қәрежетлери кәрхана ҳәм кәсиплик аўқамы тәрепинен төлеп берилди. Бундай имканияттан пайдаланған жаслар тест сынақларына қатнасып, өз билимлерин сынақтан өткерди.

Тест сынақларынан шәртнама тийкарында оқыўға кирген жаслар ушын және бир қолайлық жаратылды. Яғный шәртнама тийкарында оқыйтуғын жаслардың оқыў дәўириндеги барлық шәртнама пулы кәрхана ҳәм кәсиплик аўқамы тәрепинен төлеп берилип, питкергеннен кейин өз қәнигелиги бойынша жумыс ислеўге шараят жаратылды.

Ҳәзирги ўақытта Д.И.Менделеев атындағы Россия химия-технология университетинде билим алып атырған еки студенттиң, сондай-ақ, басқа жоқары оқыў орынларында билим алып атырған 24 жастың шәртнама пуллары төлеп берилди. Жаслардың билим алыўына қаратылып атырған бундай айрықша итибар кәрхананы жас қәнигелер менен толықтырылыўына, өндирис көлеминиң артыўына, жаңа өнимлер ислеп шығарыў идеяларының жүзеге шығыўына хызмет етпекте.

 

Парўаз БАШЕРОВА,

«Қоңырат сода заводы» ЖШЖ қоспа кәрханасының хызметкери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги