Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 23-ноябрьдеги «Аралбойы регионында исбилерменликти жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бүгинги күни бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Пәрманға муўапық Мойнақ районындағы жергиликли санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызметлер тараўындағы исбилерменлик субъектлери  ушын 2022-жылдың 1-январынан 2031-жылдың 1-январына шекем бир қатар жеңилликлер берилмекте. Атап айтқанда, усы жылдың 1-июнь жағдайына 611 киши бизнес субъекти болып, соннан жергиликли санаат, аўыл хожалығы ҳәм хызметлер тараўындағы исбилерменлик субъектлери ушын салынатуғын пайда салығы ушын 17 субъектке 265,1 миллион сум,  айланыстан алынатуғын салық ушын 161 субъектке 617,2 миллион сум, физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығы ҳәм социаллық салық ушын 298 субъектке 3 миллиард 275,9 миллион сум, мүлк  ҳәм жер салығы ушын  136 субъектке 4 миллиард 851,9 миллион сум кәрханалардың ықтыярында қалдырылыўы нәзерде тутылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы бойынша 2022-2023-жылларда әмелге асырылыўы белгиленген  50 миллиард ҳәм оннан артық мәмлекетлик бюджет қаржысы есабынан сыртқы инфраструктура менен  тәмийинлеў бойынша дәслепки 8 жойбардың дизими қәлиплестирилди.  Бул жойбарларда жәми 4,9 миллиард сумлық жумыслар әмелге асырылыўы белгилеп алынды.

Сондай-ақ, Мойнақ районында  2022-жылы «MUYNAK LDSP» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен улыўма баҳасы 81 миллиард 208 миллион сум болған «Қамыстан қурылыс материалларын (панель) ислеп шығарыўды шөлкемлестириў жойбары»н әмелге асырыў белгилеп алынды. Бүгинги күни жойбарға Қытай Халық Республикасынан  қәнигелер менен бирге керекли әсбап-үскенелер алып келинип, қурылыс, әсбап-үскенелерди орнатыў ҳәм коммуникацияларды тартыў жумыслары алып барылмақта. Жойбарды усы жылдың октябрь айында иске түсириў белгиленди.

Сыртқы саўда, инвестициялар, жергиликли санаатты раўажландырыў ҳәм техникалық жақтан тәртипке салыў бойынша Ҳүкимет комиссиясының протокол мәжилиси менен «Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен Аралбойы регионындағы исбилмерменлик субъектлериниң жүк тасыў қәрежетлерин қалап бериў тәртиби ҳаққында»ғы Реже тастыйықланды. Транспорт қуралларында жүк тасыў бойынша жеңилликлер берилиўи бойынша тапсырмаларды орынлаўда республикамыз бойынша 14 экспортшы кәрхананың 1250,3 миллион сумлық транспорт қәрежети қаплап берилди. Қарақалпақстан Республикасы  мәмлекетлик салық басқармасына 18 кәрхана тәрепинен  8 миллиард сумлық артықша төленген қосымша қун салығының қайтарылыўы бойынша мүрәжат келип түскен болып, әмелде 15 кәрханаға 7,6 миллиард сўмлық артықша төленген қосымша қун салығы есап-бетлерине қайтарып берилди. Қалған үш кәрхананың арзасы тийисли тәртипте көрип шығылмақта.

Жоқарыда атап өтилген пәрманның орынланыўын тәмийинлеў бойынша республикамызда 94,6 гектар жер майданында 45 киши санаат зонасы шөлкемлестириледи.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2022-жыл 8-апрельдеги «Қарақалпақстан Республикасы киши санаат зоналарын кеңейтиў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Нөкис қаласы ҳәм Елликқала районында екеўден, Әмиўдәрья, Беруний, Қоңырат, Нөкис, Хожели ҳәм Шымбай районларында биреўден усыныс киргизилип, соннан 10 киши санаат зонасында (19,9 гектар жер майданы) инженерлик-коммуникация ҳәм инфраструктураларын тиклеў жумысларының мәнзилли дизими қәлиплестирилди.

Сондай-ақ, Мойнақ районы «Мойнақ» мәкан пуқаралар жыйынында 1, «Таллы өзек» мәкан пуқаралар жыйынында 1, «Дослық» мәкан пуқаралар жыйынында 1 гектар жер майданы таңлап алынып, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесине усыныс берилди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 6-июньдағы қарары тийкарында «Таллы өзек» мәкан пуқаралар жыйынының аймағынан  4 гектар жер майданында киши санаат зонасы шөлкемлестирилди.

Президентимиздиң «Аралбойы регионында исбилерменликти жедел раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қарары қабыл етилип, белгиленген ўазыйпалар ҳәм тапсырмалардың орынланыўы бойынша  тийисли министрлик, кәрхана ҳәм шөлкемлер менен биргеликте мониторинг жумыслары алып барылмақта.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери