Елимиздеги барлық аўылларда ҳәм мәҳәллелерде, соның менен бирге, ең шетки аймақларда да исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша ҳәким жәрдемшилери тәрепинен, тийисли тараў ўәкиллериниң, аймақ белсендилериниң қатнасыўында тийисли илажлар әмелге асырылмақта. Бул мәмлекетимизде усы бағдарда әмелге асырылыўы белгиленген жумыслардың нәтийжели болыўына өз үлесин қоспақта.

Быйыл республикамыз бойынша 424 мәҳәллеге тайынланған  ҳәким жәрдемшилери тәрепинен өткен 6 ай даўамында мәҳәлле кесиминде ислеў системасы бойынша халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, пуқараларды исбилерменликке тартыў, сондай-ақ, жасларды кәсип-өнер ҳәм исбилерменликке оқытыў бойынша бир қатар әмелий жумыслар алып барылды.

– Есабат дәўиринде ҳәким жәрдемшилери тәрепинен 368 мыңға шамалас шаңарақ толық түрде үйренилип, шаңарақлардың социаллық-экономикалық жағдайларынан келип шығып, 4 категорияға ажыратып алынды,-дейди Мәҳәлле кесиминде ислеў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Ҳамдам Джумабаев. – Олардың 21,2 проценти дәраматы аз, бирақ, дәрамат табыўға ҳәрекет етип атырған биринши категориядағы, 47 проценти турақлы дәраматқа ийе, бирақ қосымша дәрамат табыўды қәлейтуғын екинши категориядағы, 6,1 проценти социаллық қорғаўға мүтәж, бағыўшысын жоғалтқан, майыплығы бар үшинши категориядағы, 25,7 проценти экономикалық жағдайы жақсы төртинши категориядағы шаңарақлар есабына туўра келеди.

Усы жылдың 1июль жағдайына 42 мыңнан аслам пуқараның бәнтлиги тәмийинленди. Соннан, 12 мың 903 пуқара турақлы жумыс орынларына орналастырылды, 6 мың 995 пуқара мийнет ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға тартылды, 22 мың 125 пуқара өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында рәсмийлестирилди.

Шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы бойынша ҳәким жәрдемшилериниң усыныслары тийкарында 12 мың 11 субъектке 313,0 млрд. сумлық жеңиллетилген кредитлер ажыратылды.

Ажыратылған қаржылардың 43,5 проценти аўыл хожалығы, 33,5 проценти хызмет көрсетиў, 0,9 проценти өнерментшилик, 11,6 проценти өндирис ҳәм 10,5 проценти басқа тараўларға ажыратылған.

– Шымбай районындағы «Шахтемир» мәкан пуқаралар жыйынында жыл басынан берли 600 хожалыққа кирип, үйме-үй жүрип сораўнама өткерилди,-дейди усы пуқаралар жыйындағы ҳәким жәрдемшиси Айдос Дәўлетмуратов. – Нәтийжеде, биринши категориядағы 44, екинши категориядағы 179, үшинши категориядағы 12, Төртинши категориядағы 365 шаңарақтың бар екенлиги анықланды.

Биринши гезекте тийкарғы итибарды биринши ҳәм екинши категориядағы шаңарақлардың жасаў шараятын жақсылаў, олардағы жумыссыз пуқараларды турақлы жумыс пенен бәнт етиўди өз алдыма мақсет етип, «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы тийкарында 1,2 млрд. сумлық банк кредитлери ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде 345 млн. сумлық субсидияларды ажыратылыўын режелестирип алдым.

Өткен дәўир ишинде мәҳәллемиз аймағындағы пуқаралардан «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы тийкарында 86 пуқарадан 1,7 млрд. сум кредит алыўды қәлеўшилердиң мүрәәжәти бойынша орынларға барып үйренип шығыў нәтийжесинде пуқараларға усыныслар берилип, бүгинги күнде коммерциялык банклер тәрепинен 60 пуқараға 945 млн. сумлық кредитлер ажыратылды.

Сондай-ақ, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде ажыратылатуғын субсидиялар бойынша дәраматы аз, жумыссыз ағзалары болған, өз жумысын баслаўға қызығыўшылығы жоқары, дәрамат табыўға ҳәм кәсип үйрениўге ҳәрекет ететуғын шаңарақлардағы 18 пуқараға 117,2 млн. сумға талапнамалар берилип, оларға әсбап-үскенелер, ықшам ыссыханалар ҳәм кооперациялар шөлкемлестириў ушын 108,2 млн. сумлық субсидиялар ажыратып берилди.

Атап айтқанда, қара үй ислеп шығараў ҳәм ағаш усташылығы бойынша 2 кооперация шөлкемлестирилип, аймақтағы 24 пуқараның бәнтлиги тәмийинленди.

Буннан тысқары, әсбап-үскене сатып алыў ҳәм ықшам ыссыхана ушын ажыратып берилген субсидияның есабынан 44 пуқараның бәнтлиги тәмийинленип, мәмлекетлик салық инспекциясынан өзин-өзи бәнт етиў бойынша дизимнен өткериўге жәрдем берилди.

Мәҳәлледеги қәнигелиги болмаған жумыссыз пуқараларды исбилерменликке таярлаў мақстинде 8 жас оқытылып, районлық Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайы тәрепинен ҳәзирги күнде 15 пуқара кәсипке оқытылмақта.

Cоның менен бирге, социаллық жәрдемге мүтәж, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқараларға жер майданларын ажыратып бериў бойынша аукцион арқалы 5 хожалыққа 2,42 гектар жер майданлары ажыратылды.

Өткен жылы аймағымызда 222 жумыссыз пуқара есапта бар еди. Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде, бүгинги күнде 151 пуқараның бәнтлиги тәмийинлениўине ерисилди.

Мағлыўмат ушын, быйыл 6 ай даўамында республикамызда пуқараларды исбилерменликке тартыў, оларға мийнет қураллары ҳәм әсбап-үскенелер алып бериў бойынша, жәми 1 мың 896 пуқараға 5,8 млрд. сумлық субсидиялар ажыратылып берилген.

Кәсип-өнерге  ҳәм исбилерменликке оқытыў ушын, жәми 8900 пуқара тартылып, олар «Ишга марҳамат» моноорайлары ҳәм басқа да мәмлекетлик емес оқыў орынларында оқытылған.

Ҳәким жәрдемшилериниң қатнасыўында өткен 6 ай даўамында, жәми 4821, соннан 2130 юридикалық ҳәм 2691 жеке тәртиптеги исбилерменлик субъектлери шөлкемлестирилген.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.