Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 18-март күнги «Абат аўыл ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, республикамызда быйыл 34 аўыл ҳәм мәҳәлледе 253,4 миллиард сумлық қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларын әмелге асырыў режелестирилген.

Усы мақсетте, республика бюджетинен 151,2 миллиард, жергиликли бюджет ҳәм оның қосымша қаржыларының есабынан 65,1 миллиард, тармақ кәрханаларының есабынан 23,0 миллиард, интакер исбилерменлер ҳәм халықтың қаржылары есабынан 9,9 миллиард, басқа қаржылар есабынан 1,0 миллиард, коммерциялық банклердиң қаржылары есабынан 3,2 миллиард сум қаржы ажыратылыўы режелестирилген.

– «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламасы шеңберинде жыл даўамында қала ҳәм районларда бир қатар жумыслардың әмелге асырылыўы белгиленген,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң бөлим баслығы Ф.Таджимуратов. – Соннан, ишимлик суўы тәмийнаты ҳәм ақаба суў системасын жақсылаў бойынша 63,6 миллиард сумлық қаржы ажыратылыўы режелестирилген.

Бул қаржылар 175,8 километрлик жаңа тармақларды қурыўға, 62,8 километрлик тармақларды реконструкциялаўға, 14 жаңа суў қурылмасын қурыўға ҳәм 4 суў қурылмасын реконструкциялаўға жумсалады.

Сондай-ақ, ишки жолларды қурыў ҳәм оңлаў жумысларына 87,6 миллиард сумлық қаржы ажыратылыўы белгиленген болып, 278,3 километрлик жолларды қурыў ҳәм оңлаў жумыслары алып барылады.

Электр тармақларын жаңалаў ҳәм модернизациялаў жумысларына кәрханалардың қаржылары есабынан 21,3 миллиард сумлық қаржы ажыратылыўы белгиленген болып, олар 159,5 километрлик электр тармақларын тартыў ҳәм алмастырыў, 51 дана трансформаторды орнатыў ҳәм алмастырыўға жумсалады.

Соның менен бирге, 9,4 километрлик ирригация ҳәм мелиорация тармақларын оңлаўға 2,2 миллиард сум, газ тәмийнаты системасын жақсылаўға 65,5 миллион сум, 40,9 километрлик газ тармақларын қурыў ҳәм оңлаў, 83 дана газ бөлистириў пунктлерин алмастырыў, байланыс ҳәм мәлимлемелестириў системасын раўажландырыў бойынша қурылыс ҳәм оңлаў жумысларына 1,6 миллиард сум, 103,5 километрлик оптикалық талшықлы кабельлерди тартыў, социаллық тараў объектлерине, жәми жәми 21 объектке 37,1 миллиард сум қаржы ажыратылыўы белгиленген.

Соннан, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери бойынша 9 объект ушын 20,8 миллиард, улыўма билим бериў мектеплери бойынша 8 объект ушын 14,2 миллиард,  денсаўлықты сақлаў системасындағы 4 объект ушын 2 миллиард, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының комплекслери, мәҳәлле гүзарлары ҳәм мәденият орайларын қурыў ҳәм оңлаў бойынша 14 объект ушын 5,8 миллиард, 10 шығындыхана қурыў ушын 18 миллион, 47,3 километрлик пиядалар жолын салыў ушын 10,9 миллиард сум ажыратылып, қурылыс-оңлаў жумысларының әмелге асырылыўы режелестирилмекте.

Ҳәзирги ўақытта усы барлық объектлерде қурылыс-оңлаў жумыслары қызғын даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги