Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги системасындағы Ибрайым Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеби оқыўшылары «Эл-юрт умиди» қорынан стипендия жеңимпазлары болды.

Мектеп оқыўшысы Гүлжамал Оспанова АҚШтағы Аризона университетиниң социаллық пәнлер бағдары бойынша оқыў ушын «Эл-юрт умиди» қоры тәрепинен 2-стипендия таңлаўы жеңимпазына айланды ҳәм жаңа оқыў жылынан АҚШта даўам еттириўи мүмкин.

Мектеп оқыўшысы Әжинияз Атаниязов АҚШтағы Массачусетс университетиниң экономика бағдары бойынша оқыў ушын «Эл-юрт умиди» қоры тәрепинен 2-стипендия таңлаўы жеңимпазларына айланды ҳәм жаңа оқыў жылын АҚШта даўам еттириўи мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги