Қарақалпақстанда қуўатлылығы 200 МВт болған гезектеги самал электр станциясын қурыў ушын 12 халықаралық компания арза берди.

Усы жылдың 1-апрель күни Қарақалпақстанда самал электр станциясы жойбарын әмелге асырыў ушын қәнигели инвесторларды таңлаў жәрияланған еки басқышлы тендерге 17-июльге шекем Энергетика министрлигине халықаралық компаниялардан 12 арза келип түсти, деп хабар бермекте «Дунё».

Жойбар Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң жәрдеминде Энергетика министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў агентлиги тәрепинен әмелге асырылмақта.

Жойбар шеңберинде Қарақалпақстанның Беруний ҳәм Қаразөзек районлары аймағында қуўатлылығы 200 ГВтқа тең болған гезектеги самал электр станциясының қурылысы режелестирилген.

Өзбекстан ҳүкимети 2030-жылға шекем елимизде 12 МВт қуўатлылыққа ийе экологиялық таза энергия ислеп шығарыў мақсетинде кең көлемли қайта тикленетуғын энергия дәреклерин раўажландырыў стратегиясын әмелге асырмақта.

Усы баслама шеңберинде ҳүкимет Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки (ЕТРБ) менен улыўма қуўатлылығы 2 000 МВт (самал бағдарламасы) болған ири самал энергетикасы жойбарларын ислеп шығыў бойынша бирге ислесиў ушын өз-ара түсинисиў меморандумына қол қойылды.

Тендер комиссиясы усы 12 компаниядан келип түскен арзалар толықлығы ҳәм RFQ белгиленген шәртлерине муўапықлығын баҳалаўға кириседи, буннан соң қәнигели қатнасыўшылар тендер процесиниң екинши басқышында қатнасыўға усыныс етиледи.

Тендерде қызығыўшылық билдирген, дәслепки таңлап алыў талапнамаларын усынған және арзалары тендер комиссиясы тәрепинен көрип шығылатуғын ҳәм баҳаланатуғын талапнамалар ишинде БАӘ, Саудия Арабстаны, Гонконг, Қытай, Түркия, Кайман атаўлары, Ҳиндстан, Япония, Франция компаниялары бар.

Қарақалпақстан хабар агентлиги