Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-июль күни елимизде әмелий сапар менен болып турған Иран Ислам Репсубликасы вице-Президенти Сорена Саттарийди қабыл етти.
Көп қырлы Өзбекстан – Иран қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў мәселелери қөрип шығылды. Илим, инновация ҳәм технологиялар тараўында қоспа бағдарлама ҳәм жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
Ушырасыў басында Сорена Саттарий мәмлекетимиз басшысына Иран Президенти Ибраҳим Раисийдиң сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Кейинги жылларда еки тәреплеме сөйлесиўлер ҳәм өз-ара алмасыўлардың жеделлесиўи бақланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Саўда көрсеткишлери ҳәм кооперациялық жойбарлардың саны артып бармақта. Өткен жылы товар алмасыў 73 процентке, усы жылдың басынан болса және 22 процентке артты.
Қоспа илимий-әмелий изертлеўлер өткериў бойынша әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў, излениў жумыслары ҳәм венчур басламаларын қаржыландырыўға жеке секторды тартыў, жоқары оқыў мәкемелери арасында бағдарламаларды қоллап-қуўатлаў, био- ҳәм нанотехнологиялар, IT тараўларында, фармацевтика ҳәм басқа да тармақларда қосымша жойбарларды әмелге асырыў ушын қолда бар имканиятлар атап өтилди.
Келешекте, соның ишинде, болажақ Өзбекстан – Иран инновация форумы ҳәм исбилерменлик илажлары шеңберинде қабыл етилетуғын қоспа қарарлар ҳәм қол қойылатуғын келисимлерди әмелге асырыў бойынша «жол картасы»н қабыл етиў бойынша келисимге ерисилди.
ӨзА