Насос станцияларында энергия ресурсларынан пайдаланыўдың нәтийжелилигин арттырыў күнниң әҳмийетли мәселелериниң бири болып қалмақта.

Усы мақсетте әмелге асырылып атырған тийисли мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў, гүзги-қысқы мәўсимде әмелге асырылатуғын ўазыйпаларды белгилеп алыў күнниң әҳмийетли ўазыйпасы болып есапланады.

Беруний насос станциялары ҳәм энергетика басқармасының жуўапкерлери бул бойынша аймақтағы насос станцияларын суўғарыў мәўсими алдынан оңлаў жумысларының барысын орынларға шыққан ҳалда үйренбекте.

Беруний районының Шымам аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы насос станциясында семинар өткерилди.

Онда қәнигелер гүзги-қысқы мәўсимде насос агрегатларын оңлаў бойынша белгиленген ўазыйпалар туўралы жумысшы-хызметкерлерге түсиниклер берип, тийисли ўазыйпалар белгиленди.

Усы жумысларды әмелге асырыўда орынланатуғын ўазыйпалар бойынша қатнасыўшылардың да пикир-усыныслары тыңланып, олар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Бул бағдардағы илажлар орынларда даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги