21-ноябрь күни Президент тәрепинен қол қойылған Нызам менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине санлы дәлиллер менен ислесиў системасын жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.
Нызам менен айырым кодекслерге санлы дәлиллер түсинигин, санлы дәлиллерди топлаў, усыныў, беккемлеў, көзден өткериў, тексериў ҳәм баҳалаў, оларды сақлаў, қайтарыў ҳәм жоқ етиў тәртибин белгилеўши өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Сондай-ақ, нызамшылықта санлы дәлиллерди гүўаландырыў ҳәм оларды тексериў тәртиби нәзерде тутылмақта.
ӨзА