Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Елимиздиң экономикалық ҳәм социаллық турмысында белсене қатнасыўға умтылып атырған ўатанласларды қоллап-қуўатлаў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарға қол қойды.
Қарар сырт елде жасап атырған ўатанласларды қоллап-қуўатлаў, тарийхый Ўатанының әтирапында және де бирлестириў, қәлби ҳәм санасында ўатан менен мақтаныў туйғысын жоқарылатыў, миллий өзлигин сақлап қалыў ҳәм олар менен турақлы қарым-қатнасты кеңейтиўге қаратылған.
«Ўатанлас» түсиниги сыпатында – келип шығыўы Өзбекстан аймағынан болған ямаса этникалық, тил ҳәм мәдений-тарийхый көзқарастан өзин өзбеклер ямаса қарақалпақлар сыпатында идентификациялаған, Өзбекстан Республикасы менен мәдений-гуманитарлық, социаллық-экономикалық ҳәм басқа да байланысларды раўажландырыўға ҳәрекет етип атырған шахслар ҳәм олардың әўладлары түсинилмекте.
Ҳүжжет пенен ўатанласларға қосымша ҳуқық ҳәм жеңилликлер беретуғын «Ўатанлас» гүўалығы ҳәм «Ўатанлас» қартасы енгизилмекте.
«Ўатанлас» гүўалығы – елимиздиң экономикалық ҳәм социаллық турмысында белсене қатнасып атырған сырт елдеги ўатанласларға бериледи ҳәм «Ўатанлас картасы»н алыў ушын тийкар болады. «Ўатанлас» картасы – 5 жылға шекемги мүддетке ID-карта түринде рәсмийлестириледи.
Гүўалық ҳәм карта Өзбекстанда акция (үлес) сатып алған, сырт елде ямаса қоспа кәрхана дүзген, елимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўына, халықаралық имиджиниң және де жоқарылаўына үлес қосқан ўатанласларға бериледи.
Онда, бул гүўалық ҳәм картаға ийе болған ўатанласларға төмендеги ҳуқықлар менен жеңилликлер бериледи:
– Өзбекстан аймағына визасыз кириў ҳәм шығыў;
– Өзбекстан аймағында ислеў ҳуқықын тастыйықлаўшы ҳүжжетсиз жумысын алып барыўда Өзбекстан аймағында жасаў гүўалығы талап етилмейди;
– көшпес мүлк сатып алыўда сырт ел пуқараларына белгиленген көшпес мүлк муғдарлары қолланылмайды;
– өзи ҳәм шаңарақ ағзаларына Өзбекстан Республикасы пуқаралары ушын белгиленген шәртлерде медициналық, билимлендириў ҳәм басқа да мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыў;
– шаңарақ ағзаларына мәмлекет бажысыз көп мәртелик виза алыў ҳәм оның әмел етиў мүддетин Өзбекстан аймағынан шықпастан создырыў;
– шаңарақ ағзаларын ўақтынша турған орны бойынша дизимге алыўда мәмлекет бажысынан азат етиў.
«Ўатанлас» гүўалығын бериў ҳаққындағы қарар уйымлараралық коллегиал уйым – Комиссия тәрепинен қабыл етиледи.
Бул қарар менен белгиленген ҳуқық ҳәм жеңилликлер мәмлекетимиздиң раўажланыўына өзиниң салмақлы үлесин қосып атырған ўатанласларымызды қоллап-қуўатлаў бойынша системалы жумыслардың логикалық даўамы болып есапланады.
Қарарда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, қарардан келип шығатуғын нызамшылық ҳүжжетлерине өзгерис киргизиў бойынша жуўапкер министрлик ҳәм уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.