Қарақалпақстан Республикасы Салық басқармасының мағлыўматларына қарағанда, республикамызда салық төлеўшилерге 165,2 млрд. сумнан артық қосымша қун салығы (ҚҚС) қайтарылды.

2024-жылдың 10 айы даўамында жәми 492 арза бойынша 165,2 млрд. сум ҚҚС қайтарылған.

Ең көп қайтарылған қосымша қун салықларын аймақлар кесиминде алып қарағанымызда, Мойнақ районындағы 24 кәрханаға 24,2 млрд. сум, Әмиўдәрья районындағы 71 кәрханаға 20,3 млрд. сум, Нөкис қаласындағы 78 кәрханаға 18,4 млрд. сум ҚҚС қайтарылған.

Ең көп қайтарылған ҚҚС тараўлар кесиминде:

өндириске –101,5 млрд. сум (195 кәрхана)

аўыл хожалығына – 22,5 млрд. сум (144 кәрхана)

хызмет көрсетиўге – 9,5 млрд. сум (67 кәрхана)

басқа тараўларға – 0,5 млрд. сум (33 кәрхана)

Елимизде исбилерменлер ушын салық бойынша берилип атырған жеңилликлер менен қолайлықлар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги