Қоңырат районындағы «Асл фидокор» фермер хожалығы атызларында гүзги-қысқы дәўирде кластерлер менен фермер хожлықларының есабындағы ишки салмаларды бетонлаў бойынша көргизбели семинар өткерилди.
Райондағы «Тазабирлик» массиви аймағындағы фермер хожалықларының басшылары ҳәм суўшылар қатнасқан илажда суўғарыў мәўсимине шекем ишки канал ҳәм салмаларды бетонлаў жумысларын шөлкемлескенлик пенен өткериўге келисип алынды.
– Районымыздағы ҳәр бир аймақ кесиминде канал ҳәм салмаларды бетонлаўдың режелери ислеп шығылды,-дейди Қоңырат районы «Суў жеткериў хызмети» мәмлекетлик кәрханасының директоры Ш.Джадигеров. – Режеге муўапық, кластер ҳәм фермер хожалықлары есабындағы 75 километрлик ишки салмалар ҳәм суў хожалығы мәкемелериниң есабындағы 22 километрлик каналларды бетонлаў режелестирилген.
Семинарда бетонлаў жумысларын барлық аймақларда шөлкемлескенлик пенен өткериў, суў алыў дереклерине гидропост ҳәм суў өлшеў қурылмаларын орнатыў мәселелери бойынша да усыныслар берилди. Соның менен бирге, суўдың ысырап болыўын кемейтиў ҳәм суўды үнемлеўши технологиялардан пайдаланылғанда суў салығын есаплаўда енгизилиўи мүмкин болған жеңилликлер ҳаққында да мағлыўматлар берилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги