Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Спорт министрлиги, Жаслар ислери агентлиги тәрепинен «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде жоқары оқыў орынларының студентлери арасында ғалаба спорт жарысларын өткериў тәртиби бойынша биргеликтеги реже тастыйықланған еди.
Усы режеге муўапық, Нөкис қаласында спорттың жеңил атлетика (4х100 метр аралас эстафета) спорт түри бойынша Қарақалпақстан Республикасындағы жоқары оқыў орынларының студентлери арасында (аймақлық) 3-басқыш жарыслары өткерилди.
Өткерилген жарыста Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң командасы да мүнәсип қатнасып, сыйлы биринши орынды ийеледи ҳәм республикалық финал басқышына жолламаны қолға киргизди.
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының командасы екинши, Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалы үшинши орынды ийеледи.
– Спортшы студентлеримиздиң қолға киргизген жеңислеринен қуўанышлымыз,-дейди университеттиң Дене мәденияты факультетиниң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары Р.Өтениязов. – Спортшыларымызды дене мәденияты теориясы ҳәм методикасы кафедрасының оқытыўшылары Б.Джуманов ҳәм М.Утеповлар таярлады. Енди жақында стол тенниси бойынша жарыслар өткерилиўи күтилмекте. Әлбетте, студентлеримиз қызғын таярлық көрип, бул жарысларда да бириншиликти қолдан бермеўге ҳәрекет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги