Шоманай районында  және бир топар ҳаял-қызларға субсидия тийкарында әсбап-үскенелер  тапсырылып, олардың бәнтлиги тәмийинленди.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда, Шоманай районы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлиминиң баслығы Ғ.Қурбанов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, районда усы бағдарда әмелге асырылып атырған илажларды атап өтип, баҳалы мәсләҳәтлерин берди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 11-май күнги 252-санлы қарары талаплары тийкарында мәҳәллелерде өзин-өзи бәнт етиў мақсетинде  кәсип-өнерге оқытылып, сертификатқа ийе болған ҳаял-қызларға заманагөй тигиў машинасы, бес оверлог машинасы, үш микропечь ҳәм миксерлер субсидия тийкарында тапсырылып, олардың бәнтлиги тәмийинленди.

– Мен   жумыссыз болғанлығым себепли районлық бәнтлик орайына жумыс сорап келип едим. Олар маған үш айлық оқыў курсында тигиўшиликке оқыўды усыныс етти. Солай етип, райондағы бир неше ҳаял-қызлар менен биргеликте тигиўшилик бойынша моноорайда оқып сертификат алдым. Мине, бүгин маған да субсидия арқалы тигиўшилик машинасы берилди. Енди аўылдағы буйыртпаларды орынлап, кийим-кешек тигип хожалығыма қосымша дәрамат таппақшыман. Бундай имканиятты жаратып бергени ушын Президентимизден ҳәм район басшыларынан миннетдармыз,-дейди Дийқанабад АПЖ турғыны Анаргүл Оразбаева.

Районда бул бағдардағы илажлар нәтийжели даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги