Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (FAO) Таңлап алынған аўыл хожалығы өнимлери (САР) турақлы көлем шынжырын хошаметлеўге қаратылған «Бир мәмлекет, бир әҳмийетли өним» басламасын алға қоймақта.

Ҳәзир 87 мәмлекет 53 түр таңлап алынған өнимди қоллап-қуўатлаў бойынша бул жойбарға қосылды. Атап айтқанда, Өзбекстанда азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеў, киши фермерлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм турақлы аўыл хожалығы әмелиятын үгит-нәсиятлаўдағы әҳмийети инабатқа алынған ҳалда, шийе әҳмийетли өним сыпатында таңланды.

Арнаўлы дүзилген Миллий жумысшы топарды қоллап-қуўатлаў мақсетинде өткерилген Техникалық жумысшы топардың биринши мәжилисинде Аўыл хожжалығы министрлиги, Агросанаат комплексин раўажландырыў ҳәм өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентликлери, сондай-ақ, академик Маҳмуд Мирзаев атындағы Бағшылық, жүзимгершилик ҳәм виношылық илимий-изертлеў институты ўәкиллери қатнасты.

Сөйлесиўде жеке меншик агробизнес компаниялары ҳәм Европа Аўқамы аўыл хожалығын қоллап-қуўатлаў бағдарламасының ўәкиллери де қатнасты. Қәнигелер тийкарғы итибарды шийе ушын турақлы көлем шынжырын жаратыўға қаратты. Бул илаж киши фермерлерге пайда келтиреди, жергиликли экономиканы беккемлейди ҳәм қоршаған орталық патасланыўының алдын алады.

Ушырасыў даўамында глобал ОСОР басламасы мәмлекетлерге азық-аўқат қәўипсизлиги ҳәм тойып аўқатланбаў машқаласын шешиў, жергиликли экономиканы күшейтиў ҳәм өнимди турақлы жеткерип бериў шынжырын жаратыўда жәрдем берўге қаратылғаны атап өтилди.

Бул жойбар 2022-2031-жылларға мөлшерленген ФАО стратегиялық бағдарламасына сәйкес келеди, БМШ Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўди қоллап-қуўатлайды. Ҳәзир Европа ҳәм Орайлық Азияның 11 мәмлекетинден турақлы аўыл хожалығы өнимлери, соның ишинде, Албанияда каштан, Әзербайжанда анар, Қазақстанда алма, Түркияда әнжир таңлап алынып, үгит-нәсиятланбақта.

Беҳруз Худойбердиев, ӨзА