Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги системасындағы тараў ўәкиллеринен ибарат делегация Россия Федерациясының Сочи қаласында болып өткен «Россия мийўе ҳәм овощлары-2024» VI жыллық форумында қатнасты.
Ҳәр жылы дәстүрий түрде өткерилип киятырған форумның тийкарғы темалары мийўе жетистириўдиң перспективалары, машқалалары ҳәм әмелий мәселелери, ашық майданда овощ жетистириў базарының жағдайы, оның раўажланыўы ҳәм потенциалы, сондай-ақ, картошка жетистириў тармағы болды. Буннан тысқары, қатнасыўшылар бағларды қорғаўда инновациялық шешимлер, овощ ҳәм мийўелерди қайта ислеў, картошкашылықтың әмелий мәселелери, картошка ҳәм овощларды қайта ислеў ҳәм сатыў мәселелерин додалады.
Еки күн даўам еткен илажда бизнес структураларының ўәкиллери ҳәм тараў экспертлери менен ушырасыўлар, сөйлесиўлер ҳәм дөгерек сәўбетлери, мийўе-овощ тараўы әмелиятшылары, қаржы структуралары ҳәм усақлап сатыў тармақлары ўәкиллериниң шығыўлары шөлкемлестирилди. Өсимликлерди қорғаўдың заманагөй қураллары ҳәм үскенелерин қолланыў нәтийжелери таныстырылды.
Форум шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы аўыл хожалығы министриниң биринши орынбасары А.Козиев Россияда мийўе-овощ жетистириў бағдарында жумыс алып барып атырған тараў қәнигелери, исбилерменлер, экспортёр-импортёр кәрханалар ўәкиллери ҳәм илимий изертлеўшилер менен ушырасып, аўыл хожалығында өним жетистириў ҳәм өндиристи инновациялық раўажландырыўда өз-ара тәжирийбе алмасып, бул бағдарда бирге ислесиў байланысларын және де күшейтиў, азық-аўқат тараўында перспективалы жойбарларды әмелге асырыў имканиятларын кеңейтиў бойынша пикир алысты.
Д.Абибуллаев,
Қарақалпақстан хабар агентлиги