21-октябрь-4-ноябрь күнлери аралығында Черногорияның Будва қаласында жаслар арасында жәҳән чемпионаты болып өтти.

Оған Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да қатнасып, чемпионат жуўмағында 5 алтын, 5 гүмис ҳәм 3 қола медалын қолға киргизди ҳәм улыўма командалық есапта екинши орынды ийелеўге миясар болды.

Атап айтқанда, 48 кг салмақта Сайфиддин Собиров, -57 кг да Самандар Олимов, -63,5 кг да Абдулазиз Жўрақулов, -86 кг да Акмалжон Исроилов, -92 кг да Ҳалимжон Мамасолиев алтын, -75 кг да Жаъфарбек Шахбозов, +92 кг да Шаҳзод Полвонов, -48 кг да Жасмин Тоҳирова, -81 кг да Рухшона Парпиева, +81 кг да Собирахон Шахобиддиновалар гүмис, -54 кг да Собиржон Тастанов, -71 кг да Муҳаммад Азизбек Исмоилов ҳәм -70 кг да Айша Тоировалар қола медальларын жеңип алыўға еристи.

Тилекке қарсы, усы жәҳән чемпионатына қатнасқан қарақалпақстанлы Рахима Бекниязоваға медаль жеңип алыў несип етпеди ҳәм ол турнирде жеңилиске ушырады.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы