Бас прокуратура жанындағы департаменттиӊ Кегейли районы бөлими ҳәм Ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив илажда қәлбеки акциз маркали алкоголь өнимлерин сатыўдың алды алынды.

Атап айтқанда “B.S.” жеке меншик кәрханасына қараслы улыўма аўқатланыў шақапшасының сатыўшысы  К.К. пуқара Б.А.ға қәлбеки акциз маркали алкоголь өнимлерин сатқан ўақтында усланды. Буннан соң илажда “Ы.К.” жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы саўда дүканы көзден өткерилгенде, усы дүканға сатыўға қойылған 507 дана қәлбеки акциз маркали алкоголь өнимлери айғақлы зат ретинде алынды.

Усы жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниӊ тийисли статьясы менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги