Ташкент қаласында базалық есаплаў муғдарының бес есеси, Нөкис қаласында ҳәм ўәлаятлар орайларында базалық есаплаў муғдарының үш есеси муғдарында, ўәлаятлардың бойсыныўындағы басқа қалаларда базалық есаплаў муғдарының еки есеси, басқа елатлы пунктлерде базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында төлем етиледи.
Бир мәртелик төлемди төлеўден төмендги шахслар азат етилетуғынын атап өтиў керек. Атап айтқанда, бир мәртелик улыўма мәмлекетлик акциясы шеңберинде бир мәртелик жыйымды толық төлеген шахслар, I ҳәм II топар майыплығы болған шахслардан бир мәртелик төлем белгиленген төлемниң елў проценти муғдарында өндириледи, деп мәлимлеме береди хабар.уз
Егер бир мәртелик улыўма мәмлекетлик акциясы шеңберинде Көшпес мүлкке болған ҳуқықты тән алыў жумысларын шөлкемлестириў бойынша районлық-қалалық комиссиялары тәрепинен шахстың өзбасымшалық пенен қурған имаратлар ҳәм объектлерге болған мүлк ҳуқықын тән алыў мүмкин деп табыў белгиленген шуўмағына тийкарланып акт қәлиплестрилген, бирақ бир мәрелик жыйым өндирилмеген яки толық көлемде өндирилмеген болса, ондай жағдайда бир мәртелик төлем усы статьяның биринши бөлимине муўапық өндириледи. Онда бир мәртелик улыўма мәмлекетлик акциясы шеңберинде өндирилген бир мәртелик жыйым суммасы инабатқа алынады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги