«Asia Trans Gas» ЖШЖ биргеликтеги кәрханасының шөлкемлестириўшилери – «Өзнефтьгаз» АЖ ҳәм Қытай Халық Республикасының «Trans-Asia Gas Pipeline Co. Ltd» компаниясы ўәкиллери арасында ушырасыў өткерилди.

Онда тәреплер «Asia Trans Gas» ЖШЖ ҚКның шөлкемлестирлиўи Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы беккем бирге ислесиў нәтийжеси сыпатында пайдалы жойбар екенин атап өтти.

Сөйлесиў даўамында «Asia Trans Gas» ЖШЖ ҚКның ерискен нәтийжелери ҳәм келешектеги жумысы бойынша да сөз жүргизилди.

Соннан соң «Trans-Asia Gas Pipeline Co. Ltd» компаниясы басқарыўы баслығының усынысы менен жаңа жойбарлар үстинде ислеў мақулланды. «Өзнефтьгаз» АЖ басшылығы «Trans-Asia Gas Pipeline Co. Ltd компаниясы менен бирге ислесиўди кеңейтиўге таяр екенин билдирди.

Ушырасыў жуўмағында усы мәселелер ҳәм олардың орынланыўы бойынша тәсиршең баяны тастыйықланыўы ҳәм онда «Asia Trans Gas» ЖШЖ ҚК жумысы менен байланылы ўазыйпалар көрсетилиўине келисип алынды.

Н.Зиёдуллаева таярлады, ӨзА