Ташкент қаласынан жоқары маманлықтағы врачлардың республикамызға келип, қалыс жәрдем көрсетип, жағдайы аўыр наўқасларға қыйын операцияларды әмелге асырып жәрдем бериўи дәстүрге айланбақта.

Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалында гезектеги кардиохирургия хирургиялық әмелиятлары өткерилди.

Ташкент қаласынан келген Республика Қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы кардиохирургия бөлиминиң мобиль бригадасының жоқары категориялы шыпакерлери жергиликли жас кардиохирург шыпакерлер менен биргеликте жүрек ишемик кеселлиги және оның аўыр ақыбетлеринен қыйналып жүрген 2 наўқасқа аорта-коронар шунтлаў операциясын әмелге асырды.

Ҳәзирги ўақытта операция болған наўқаслардың жағдайы қанаатландырарлы ҳәм шыпакерлер қадағалаўында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги