Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда бир қатар нызам жойбарлары депутатлар тәрепинен қызғын додаланды.

Мәжилисте дәслеп «Электрон дәлийллер менен ислесиў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары додаланды. Бул нызам жойбары бойынша депутат Расул Кушербаев ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары менен электрон дәлийллерге қандай ҳүжжетлер, мағлыўматлар киргизилиўи белгиленбекте. Яғный, сесли жазыўлар, видеожазыўлар, киносүўретлерден ибарат мағлыўматлар электрон дәлийллер есапланыўы нәзерде тутылмақта.

Додалаў даўамында депутатлар жойбар бойынша пикирлери ҳәм айырым наразылықларын билдирди. Ондай статьяларды қайта ислеў бойынша усыныслар айтылды. ӨзМТДП фракциясының ўәкиллери жойбарды жуўапкер комитетке қайтарыў ҳәм және де жетилистириў зәрүр екенин атап өтти. Билдирилген пикирлер есапқа алынған ҳалда нызам жойбары жуўапкер комитетке қайтарылды.

Буннан кейин мәжилисте «Электрон коммерция ҳаққында»ғы нызам жойбары халық ўәкиллери тәрепинен екинши оқыўда статьяма-статья додаланды.

– Бул ҳүжжет усы жылдың 15-март күни депутатлар тәрепинен биринши оқыўда қабыл етилген еди, – деди нызам жойбары бойынша баянат жасаған депутат Шоҳиста Турғунова. – Өткен ўақыт даўамында нызам жойбары депутатлар берген усыныслар тийкарында жетилистирилди. Нәтийжеде нормалар жойбардан шығарылып, тиккелей жумыс ислейтуғын статьялар киргизилди. Нызам жойбарында электрон ҳүжжетлердиң юридикалық күши, офертаға қойылатуғын талаплар, электрон ҳүжжетлерди сақлаў өзгешеликлери, электрон келисимди әмелге асырыў тәртиби, электрон шәртнамаларды дүзиў шәртлерин белгилеў нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, электрон коммерцияда қарыйдардың шәртлери толық қанаатландырылмағанша мәлимлеме системасын енгизиў, юридикалық тәреплер менен бир қатарда өзин-өзи бәнт еткен шахсларға электрон коммерциялық жумыс пенен шуғылланыў ҳуқықын бериў белгиленбекте. Нызам жойбарының қабыл етилиўи тараўдың раўажланыўына үлес қосыў менен бир қатарда, оның қатнасыўшылары арасындағы қатнасықларды тәртипке салады, – деди баянатшы.

Сөйлесиўлер даўамында депутатлар тәрепинен және бир қатар пикир-усыныслар билдирилди, сораўлар берилди. Қызғын додалаўдан кейин нызам жойбары мақулланып, қабыл етилди.

Мәжилисте депутатлар тәрепинен «Көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳаққында»ғы нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылды.

– Бул нызам жойбары көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериўге байланыслы болған қағыйдалардың өз-ара муўапықластырылмаған нормаларын сапластырыўға, бир-бирине қарама-қарсы атамалар ҳәм түсиниклердиң бир қыйлылығын тәмийинлеўге хызмет етеди, – деди жойбар бойынша баянат жасаған депутат Равшанбек Бегматов. – Нызам жойбарында көшпес мүлкке болған ҳуқықлар мәмлекетлик реестр, дизимнен өткериў жумысын ҳәм бизнес процесслерди электрон тәризде мәлимлеме системалары арқалы жүргизиў нәзерде тутылмақта. Сондай-ақ, мүлк ийесиниң қарары ямаса мүлк ийелериниң келисими тийкарында көшпес мүлклерди бөлиў ҳәм қосыў механизмлерин енгизиў, көшпес мүлкке болған ҳуқықларын мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәрекетлерин әмелге асырыўдан бас тартыў тийкарларының анық дизими белгиленбекте.

Буннан тысқары, ўәкилликли уйымлардың қарары тийкарында көшпес мүлк қадаған етилгенде, бул ҳаққында ийелерин хабардар етиў нәзерде тутылмақта. Нызам жойбары бойынша фракциялардың позициялары, усыныслары алынып, жойбар және де жетилистирилди.

Нызам жойбары статьяма-статья қызғын додаланып, депутатлар тәрепинен қабыл етилди.

Шаңарақ халқымызда ең муқаддес жер сыпатында қәдирленеди. Шаңараққа байланыслы қатнасықлар Өзбекстан Республикасының Шаңарақ кодексинде айқын көринисин тапқан. Шерек әсирден аслам дәўирден берли бул кодекс жедел ислеп келмекте.

Буннан былай Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң тийисли статьяларына өзгерислер киргизилип, некени дизимге алыўдың бир айлық мүддети ҳәм оны қысқартыў ушын тийкар болатуғын жағдайлар бийкар етилмекте. Усы мақсетте ислеп шығылған «Өзбекстан Республикасының Шаңарақ кодексине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде биринши оқыўда концептуаллық жақтан көрип шығылды. Бул бойынша Әдиллик министри Русланбек Давлетов баянат жасады.

Атап өтилгениндей, нызам жойбары менен некеден өтиўши шахслар мәжбүрий медициналық тексериўден өткенлеринен кейин некени рәсмийлестириў тәртиби белгиленбекте. Әмелдеги Шаңарақ кодекси бойынша, некелениўшилер ПҲАЖ уйымларына арза бергенинен соң 1 ай өткеннен кейин, олардың некеси дизимге алынады. Бул ўақыт шеңберинде некелениўшилер мәжбүрий медициналық тексериўден өтеди. Айрықша жағдайларда бул мүддеттен алдын рухсат берилиўи мүмкин.

Бул мүддетти қысқартыў ушын тийкар болатуғын жағдайлар анық белгиленбегени себепли нызам нормасы әмелиятта түрлише қолланылмақта. Соның менен бирге, бүгинги күнде некени дизимге алыўға байланыслы бир қатар унамсыз жағдайлар ушырасып атыр. Мәселен, 2021-жылы дизимге алынған 305 мың некениң 50 мыңға шамаласы бир ай өтпей турып дизимге алынған.

Депутатлар нызам жойбары бойынша бир қатар сораўлар менен мүрәжат етти, усынысларын билдирди. Додалаўлардан кейин нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди.

Нызамшылық палатасы мәжилисинде додаланған гезектеги мәселе «Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 2061-статьясына өзгерис киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары болды.

Бул нызам жойбары бойынша Ишки ислер министириниң орынбасары Яҳёбек Абдулҳақов баянат жасады.

– Мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўдың ҳуқықый тийкарлары беккемленип, ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорабанлықтан қорғаўға, олар ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятлар кепилликлерин, соның ишинде, аўыр социаллық жағдайда қалған ҳаял-қызлар ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеўге қаратылған бир қатар нызамлар қабыл етилди.

Күш көрсетиў ҳәм зорабанлықтан жәбирлениўшиге мәмлекетлик қорғаў усынатуғын, ҳаял-қызларға күш көрсетип ямаса оларға зорабанлық еткен шахсқа ямаса бир топар шахсларға нызамлы тәсир көрсетиў илажлары сыпатында «қорғаў ордери» институты енгизилди. Нызамшылыққа муўапық, қорғаў ордери күш көрсетиў ҳәм зорабанлықтан жәбирлениўшиге бериледи. Оның нусқасы күш көрсеткен ямаса зорабанлық еткен ямаса олардың ислеўге бейим болған шахсқа бериледи.

Бул шахслар қорғаў ордериниң шәртлери ҳәм оны орынламаў ақыбетлери ҳәм зорабанлық минез-қулқын өзгертиў бойынша дүзетиў бағдарламаларынан өтиў зәрүр екенлиги ҳаққында хабардар етиледи. Қалаберсе, қорғаў ордери талапларын орынламаў, әмелдеги нызамшылыққа бола, базалық есаплаў муғдарының бир есесинен үш есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға ямаса он бес суткаға шекемги мүддетке ҳәкимшилик қамаққа алыўға себеп болады. Бирақ, тийисли жуўапкершилик белгиленген болыўына қарамастан, күш көрсетиў ямаса зорабанлық еткен ямаса оларды ислеўге бейим болған шахс тәрепинен қорғаў ордериниң талапларын орынламай ҳаял-қызларға қайта-қайта күш көрсетиў ямаса зорабанлық етиў жағдайлары артып бармақта.

Бундай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде ислеп шығылған «Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 2061-статьясына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары менен қорғаў ордериниң талапларын орынламағаны ушын жуўапкершилик күшейтилмекте. Әмелде қорғаў ордериниң талапларын орынламағаны ушын базалық есаплаў муғдарының бир есесинен үш есесине шекемги муғдарда жәрийма белгиленген. Буннан былай болса бул муғдарды бес есесинен үш есесине шекем етип белгилеў усыныс етилмекте. Жәрийма муғдарының арттырылыўы күш көрсеткен ямаса зорабанлық еткен ямаса оларды ислеўге бейим болған шахс тәрепинен қорғаў ордери талапларын орынланыўына, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары, еркинликлери менен нызам мәплерин қорғаўдың тәмийинлениўине хызмет етеди.

Бул ҳүжжет бойынша шығып сөйлеген депутатлар өз пикир-усынысларын билдирди. Соның ишинде, депутат Наврўз Юсупов инсан ҳуқықлары әҳмийетли екенин атап өтип, жойбарда күш көрсетиў ҳәм зорабанлықты қайтадан ислегени ушын жуўапкершилик мәселесиниң жоқ екенин билдирди. Оған жуўап тәризинде министрдиң орынбасары қайталанған жағдайлар 2-3 процентти де қурамайтуғынын мәлим етти.

Нызам жойбары билдирилген пикир-усыныслар тийкарында мақулланып, қабыл етилди.

Парламенттиң төменги палатасының мәжилиси күн тәртибиндеги барлық мәселелер көрип шығылып, тийисли қарарлар қабыл етилди.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы