Ташкенттеги Орайлық Азия халықаралық институтында 17-июнь күни «Шанхай бирге ислесиў шөлкеми: Орайлық Азиядан Евроазияға шекем» темасында ШБШ Хартиясының 20 жыллығына бағышланған конференция болып өтти.

Әнжуманда ШБШға ағза мәмлекетлер Миллий координаторлары, ШБШ регионаллық контртеррор структурасы секретариаты ҳәм Атқарыў комитетиниң хызметкерлери, Орайлық Азия мәмлекетлери, Россия, Қытай, Иран, Ҳиндстан, Пакистан, Беларусь, Әзербайжан таллаў структураларының жетекши экспертлери ҳәм мәмлекетимиздиң министрликлери менен уйымларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда ШБШның Евроазияда, соның ишинде, Орайлық Азияға айрықша итибар берген ҳалда өз-ара байланыслылықты күшейтиў ушын сиясий платформа сыпатындағы потенциалы ҳаққындағы идеялар алға қойылды. Болажақ Самарқанд саммити ушын тийисли баслама ҳәм усыныслар таярлаўда пайдаланыў, шөлкемди және де трансформациялаўға байланыслы жаңа пикирлер билдирилди, экспертлердиң баҳалары улыўмаластырылды.

Сессиялар даўамында қәўипсизлик ҳәм стратегиялық турақлылықты тәмиийнлеў, ШБШға ағза мәмлекетлер арасындағы исенимди күшейтиў арқалы Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиўге жәрдемлесиў мәселелери додаланды, өз-ара байланыслылықты беккемлеў, геоэкономикалық имканиятты кеңейтиў ҳәм географиялық изоляцияны жеңиўге қаратылған ҳәр қыйлы концепциялар көрип шығылды.

ШБШның раўажланыўында Орайлық Азия регионлараралық байланысты күшейтиўге үлкен үлес қосатуғын перспективалы платформа ўазыйпасын атқаратуғыны, трансформация көзқарасынан шөлкемниң «географиялық ядросы» екени атап өтилди.

Иранның ағзалығы менен ШБШны және де раўажландырыў перспективасы ҳәм имканияты талланды.

Бир сөз бенен айтқанда, бул абырайлы конференция ШБШ Миллий координаторлары және ШБШға ағза мәмлекетлер илимий-изертлеў институтларының ўәкиллери арасында сиясий, экономикалық, гуманитарлық бирге ислесиў, терроризмге қарсы гүрес  ҳәм басқа да тараўларға байланыслы мәселелер бойынша ашық, конструктив пикир алмасыў майданына айланды.

Ғайрат Хонназаров,

ӨзАның хабаршысы