Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, «Эл-юрт ҳурмати» ҳәм «Фидокорона хизматлари учун» орденлериниң ийеси Шарап Уснатдиновтың 80 жыллық юбилейине бағышланған «Көп қырлы талант ийеси» атамасындағы республикалық илимий-теориялық конференция болып өтти.
Илажға Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикалық бөлими баслығы Т.Атамуратов, «Нураный» қоры Нөкис қалалық кеңесиниң баслығы К.Қаландаров, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, филология илимлериниң докторы, профессор К.Алламбергенов, филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Жәримбетов, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамларының ағзасы, шайыр Р.Отарбаев, сондай-ақ, институттың профессор-оқытыўшылары, тьюторлар, студентлер ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Конференцияны институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қ.Қодиров басқарып барды.
Илажда Ш.Уснатдиновтың өмири ҳәм дөретиўшилигине арналған баянатлар жасалды.
Шарап Уснатдинов 1942-жылы Кегейли районында туўылған. 1958-жылы Шоманай районында орта мектепти питкергеннен кейин Тақыятас қаласындағы еки жыллық қурылыс училищесин, соң Өзбекстан Миллий университетиниң журналистика факультетин питкерген. Дәслепки мийнет жолын ҳәзирги «Қарақалпақстан жаслары» газетасында әдебий хаткерликтен баслап, 30 жыл даўамында баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларында түрли лаўазымларда иследи.
Ш.Уснатдинов 1974-1976-жыллары «Қарақалпақстан жаслары» газетасының бас редакторы, 1978-1983-жылларда Қарақалпақстан мәмлекетлик телерадио комитети баслығының телевидение бойынша орынбасары, 1985-1988-жыллары «Қарақалпақстан» баспасының директоры, 1988-1990-жыллары Областьлық партия комитетиниң хаткери, 1976-1978, 1983-1985-жыллары «Еркин Қарақалпақстан» газетасының бас редакторының орынбасары, 1988-1992-жыллары усы газетаның бас редакторы болып иследи.
Ол 1992-жылы пайтахтымыз Нөкис қаласының ҳәкими болып сайланды.
1994-1995-жыллары Өзбекстан Республикасы Мәденият ислери министриниң орынбасары, 1995-2002-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Коммуналлық хызмет көрсетиў министри, 2002-2007-жыллары «Коммуналлық ыссылық орайы» ААЖ баслығы, 2007-2009-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының баспасөз хаткери, 2009-2011-жыллары Қарақалпақстан Республикасы руўхый үгит-нәсият орайының баслығы, 2011-жылдан «Нураный» қоры баслығы болып иследи.
Бир неше мәртебе Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, 2009-жылда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы болып сайланды.
Шарап Уснатдиновтың соңғы жыллар ишинде «Кимге кеш, кимге таң сәҳәр», «Көргенлерим, кеўилдегилерим», «Исбилерменликке миратнама», «Журналистикаға кирисиў» сыяқлы онлаған китаплары баспадан шықты.
Ол 45 жыллық дөретиўшилик мийнети дәўиринде бирнеше жүзлеген мақала, очерк ҳәм публицистикалар жазып, журтшылыққа кеңнен танылды. Жазыўшы, журналисттиң соңғы дәўирлерде қаҳарман шайыр И.Юсуповтың өмир жолына бағышланған «Ибрайым Юсупов», «Шайырдың жаслығы» атлы романлары, «Дебдиўли толғаныслар» атлы китабы баспадан шықты.
Ш.Уснатдинов көп жыллық хызметлери ушын «Эл-юрт ҳурмати», «Фидокорона xизматлари учун» орденлери менен сыйлықланған. Ол жазыўшылар ҳәм журналистлер аўқамларының ағзасы, «Қарақалпақстанға мийнети сиңген журналист», «Қарақалпақстан халық жазыўшысы» болды.
Илажда сөзге шыққанлар Ш.Уснатдиновтың өмири, мийнет жолы, үлгили ислери, дөреткен шығармалары халқымыздың ядында мәңгиге қалатуғыны, келешек әўладлар ушын бийбаҳа мийрас екенлигин атап өтти.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
Автордың түсирген фотолары.