Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалында «Биз коррупцияға қарсы бирге гүресемиз!» атамасында ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкиллери менен филиалдың профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлериниң ушырасыўы шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда Нөкис қаласы прокуратурасы  тергеўшиси Б.Рахманов, филиалдың коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм комплеанс қадағалаў системасын басқарыў бөлиминиң бас қәнигеси А.Мамбеткаримов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, мәмлекетимиздеги коррупцияның алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылыстың барлық тараўларында коррупциоген факторларға шек қойыўға қаратылған реформалар туўралы мағлыўматлар берип, әҳмийетине кеңнен тоқтап өтти.

Студент-жасларға коррупцияның алдын алыў, әсиресе,  имтихан тапсырыў ўақытларында аңсат жол менен имтиханлардан өтиў ямаса өткериў сыяқлы иллетлерди болдырмаў кереклиги түсиндирилип, коррупция ҳәм оның ақыбетлери туўралы мағлыўматлар берилип, оған қарсы гүресиўде жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў, биргеликте ҳәрекет етиў бойынша пикир-усыныслар билдирилди. Нөкис қаласында, соның ишинде, айырым жоқары оқыў орынларында анықланған усындай жағдайлар, оның ақыбетлери мәлим етилип, сергекликке шақырылды.

Атап өтилгениндей, коррупцияға қарсы гүресиў жумысларының мақсети ҳәм объекти сыпатында айрықша алынған коррупционер емес, ал усы ҳәрекетлерди ислеўге шараят жаратып беретуғын себеплерди сапластырыў ҳәм алдын алыў илажларында да көриниўин аңлаған ҳалда ҳәрекет етиўимиз тийис.

Қарақалпақстан хабар агентлиги