Мәмлекетлик статистика комитети тәрепинен аймақлық орайлық дийқан базарларында өткерилген бақлаў нәтийжелери бойынша айрықша түрдеги азық-аўқат өнимлериниң минимал-максимал баҳалары белгили болды.
2022-жыл 15-июнь жағдайына:
Сүйекли мал гөши (1 кг) – 45000 – 73 000 сум
Қой гөши (1 кг) – 55 000 – 86000 сум
Картошка (1 кг) – 2000 – 7000 сум
Пияз (1 кг) – 2000 – 5000 сум
Гешир (1 кг) – 1500 – 6000 сум
Мәйек (10 дана) – 7000 – 15000 сум
Гүриш (1 кг) – 4500 – 22 000 сум
Өсимлик майы (1 л) – 15 500 – 28000 сум
Қумшекер (1 кг) – 9600 – 17 000 сум
Мағлыўматларға қарағанда, картошка ҳәм пияздың арзанлағаны бақланған.
Еслетип өтемиз, кейинги ҳәптелерде Өзбекстанда бир қатар өнимлер, соның ишинде, қумшекер кескин қымбатлады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги