Усы жылдың июнь айында Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев Өзбекстанға рәсмий сапар менен келеди. Бул ҳаққында Өзбекстан Азық-аўқат санааты аўқамының Баспасөз хызмети хабар берди.

Атап өтилиўинше, Илҳам Алиевтиң келиўи мүнәсибети менен июнь айында Өзбекстандағы ўәкилликли уйымлар тәрепинен азық-аўқат санааты ҳәм аўыл хожалығы өнимлери көргизбесин өткериў режелестирилмекте.

«Көргизбеге Өзбекстан ҳәм Әзербайжан Президентлериниң келиўи күтилмекте», делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги