Ыссы күнлер басланды, жаңа мийўелер ҳәм салқын ишимликлерге талап артты. Бул дәўирде азық-аўқат өнимлерин пайдаланыўда гигиеналық талапларға әмел етпеў халық арасында өткир жуқпалы ишек кеселликлериниң көбейиўине себеп болады.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, өткир жуқпалы ишек кеселликлерин ҳәр қыйлы микроорганизмлер келтирип шығарады. Қозғатыўшысының түрине қарап, кеселликлер иш бурыў, сальмонеллёз, иштерлеме сыяқлы атамалар менен аталады.
– Кеселликлердиң жаз айларында көбирек ушырасатуғынына бир қанша факторлар себеп болады, – дейди Санитариялық-эпидемилогиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети санитариялық-гигиеналық басқармасының баслығы А.Шукуров. – Бәринен бурын ҳаўа температурасының жоқары болыўы. Бул инсан организминде белгили иммунобиологиялық өзгерислер, яғный қорғаў қуралларының күшсизлениўи, кеселликлерге шатылыўға тийкар жаратады. Әдетте, бул кеселликлер базарларда жаңа мийўелердиң дәмин татып көрген ўақытта, жақсы сақланбаған ҳәм узақ мүддет турып қалған аўқатларды пайдаланғанда, мийўелерди жақсылап жуўмай жеп көргенде, кеселлик пенен аўырған наўқас пенен байланыста болғанда, балаларда болса ашық суў бассейнлерде шомылыўы, қайнатылмаған суўларды оғада көп ишиў нәтийжесинде асқазандағы хлорид кислотасының концентрациясы төменлеп кетиўи ақыбетинде бақланады. Айырымлары балаға аўқатының аўысып қалғанын екинши мәрте бериў ушын шийшеси менен қайнатылған суўға салып қояды. Сүттиң жыллы жағдайда болыўы микроблардың көбейиўи ушын қолайлы шараят есапланады.
Өткир жуқпалы ишек кеселликлериниң тарқалыўында шыбын ҳәм пешшелер де айрықша роль атқарады. Олар патас орынларға мәйек қойып, көбейип, кеселликти қозғаўшы микроорганизмди өзине өзлестирип алады ҳәм азық-аўқат өнимлерине қонып, микробларды тарқатады.
Солай екен, жаз мәўсиминде пайдаланып атырған өнимлеримиздиң сапасына итибар қаратыў әҳмийетли.
Моҳигул Қосимова, ӨзА