Қаўынның қурамындағы витаминлер, минераллар ҳәм басқа пайдалы элементлер рак ҳәм инсулт сыяқлы кеселликлердиң алдын алыў қәсийетине ийе.

Қаўын S витаминине бай болған палыз өними. 100 грамм қаўынның қурамында S витамининиң күнделикли 20-30 процент жеў дәрежеси бар. Бул витамин тери ҳәм пүткил дене жағдайын бир бапта услап турып, жарақатлардың тез питип кетиўинде әҳмийетли.

Қаўын қурамындағы А витамини де сүйеклер, тислер ҳәм териниң саламатлығына жүдә зәрүрли элемент болып, сондай-ақ, көздиң перделерин сыртқы тәсирлерден қорғайды. Көздиң көриў қәбилетин арттырады. Витамин А иммун системасын беккемлейди.

Буннан тысқары, қаўынның қурамындағы витамин ҳәм минераллар шаштың жақсы өсиўи, төгилиўиниң алдын алады.

Улыўма айтқанда, қаўын жүдә мазалы өним. Оны турақлы жеп турыў болса тек ғана өзиңиздиң қолыңызда!

  

Райхан Даниярова,

ҚМУдың Интернет журналистикасы тәлим

бағдарының 3-курс студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги