Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 15-июнь күни халықты кәсип-өнерге таярлаў ҳәм моноорайлардың жумысын жетилистириў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Елимизде санаат, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў, қурылыс сыяқлы көплеген тараўлар раўажланып, жаңадан-жаңа кәрханалар ашылмақта.
Оларды маман жумысшы ҳәм қәнигелер менен тәмийинлеў мақсетинде жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў бағдарлары өзгертилмекте. Аймақларда «Жумысқа мәрҳамат» моноорайлары шөлкемлестирилип, жасларға кәсип үйретилмекте.
Раўажланыў стратегиясында бул бойынша гезектеги қәдемлер – ҳәр бир пуқараға кәсип-өнерге оқыў имканиятын жаратыў, кәмбағаллықты 2 есеге қысқартыў мақсетлери белгиленген.
Бул ушын барлық тийкарлар бар. Мәселен, тек ғана 2022-жылдың өзинде жәми 16 миллиард долларлық 9 мыңнан зыят ири ҳәм орта жойбарлар әмелге асырылмақта. Оларға 300 мыңға шамалас маман жумысшылар керек.
Соның менен бирге, быйыл 404 мың жас орта билимлендириўди, 151 мыңы профессионал билимлендириўди питкерип, мийнет базарына кирип келеди. Оларды дурыс бағдарлап, бәнтлигин тәмиийнлеў – әҳмийетли ўазыйпа.
Бирақ, анығын айтқанда 330 кәсип-өнер мектеби, 173 колледж ҳәм 207 техникум күтилген нәтийжени бермей атыр. Олардағы имканияттың тек ғана 40-50 процентинен пайдаланылмақта. «Жумысқа мәрҳамат» моноорайлары тек ғана 10 процент жумыссызларды қамтып алған.
Көп колледж ҳәм техникумлардағы оқыў бағдарламалары заман талабына сай емес. 1 мың 350 атамадағы кәсиплик сабақлық ҳәм әдебиятлар жетиспейди. Ақыбетинде жумыс бериўшилер хызметкерлерди қайтадан оқытыўға мәжбүр болмақта.
Сонлықтан мәжилисте кәсип-өнер билимлендириўин заман талапларына сәйкеслендириў бойынша жаңа система енгизилетуғыны белгиленди.
Яғный, 45 колледж Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги системасына өткерилип, олардың орнында моноорайлар шөлкемлестириледи. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги кәсип-өнер мектеплери ҳәм техникумларын басқарыўға ҳәм методикалық тәмийинлеўге жуўапкер болады.
Ҳәр бир ўәлаят, район ҳәм қалада Кәсип-өнер билимлендириўи кеңеслери дүзиледи ҳәм оларға ҳәкимлер басшылық етеди. Кеңес қурамына мәмлекетлик уйымлар, банк, ректорлар, Саўда-санаат палатасы және районның экономикасынан келип шығып, санаат, аўыл хожалығы, қурылыс ҳәм сервис кәрханаларының басшылары киреди. Олар қәнигелерге болған зәрүрлик тийкарында, моноорай ҳәм колледжлерде оқытылатуғын кәсиплерди белгилейди, жасларды өндирислик кәрханаларға бириктирип, әмелият өтеўин шөлкемлестиреди.
Мәжилисте тараўдағы унамлы тәжирийбелер де көрсетип өтилди. Мәселен, 57 профессионал билимлендириў мәкемесинде Германия тәжирийбеси тийкарында, жумыс орнында оқытыўдың дуал билимлендириў түри жолға қойылған. Мектепке шекемги билимлендириў системасында Германия тәжирийбеси тийкарында, жумыс орнында оқытыўдың дуал билимлендириў түри жолға қойылған. Мектепке шекемги билимлендириў системасында бул өз нәтийжесин бермекте: педагогикалық колледж оқыўшылары 2 күн теориялық билимлер алып, қалған күнлери бақшаларда ислеп, айлық алмақта.
Ямаса және бир мысал: Сырдәрья ўәлаяты Ширин қаласындағы энергетика колледжинде Саудия Арабстанының «ACWA Power» компаниясының буйыртпасы тийкарында жасларды альтернатив энергия станциясы техниги, операторы ҳәм диспетчери сыяқлы кәсиплерге таярлаў басланған. Бул ушын компания 2 миллион 800 мың долларға колледжде заманагөй устахана, лаборатория ҳәм жатақхана қурған.
Мәмлекетимиз басшысы бундай жумысларды басқа тармақларда да жолға қойыў, кәсиплик билимлендириў мәкемелерин ири санаат кәрханалары ҳәм кластерлерге бириктириў бойынша усыныслар берди.
Таллаўларға бола, бүгинги күнде жоқары билимлендириў системасында оқытылып атырған айырым қәнигеликлерди техникумларға өткериў мүмкин. Бул жаслардың ҳәм ўақтын ҳәм дәраматын үнемлейди.
– Техникумларға болған көз-қарасты өзгертиў керек. Олар «институтқа кириўдиң аңсат жолы» емес, қурамалы кәсипти беретуғын, мийнет базарында бәсекилесетуғын система болыўы керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Келеси жыл 1-январьдан баслап, илимий дәрежеси бар техникум оқытыўшыларының мийнет ҳақысын жоқары оқыў орынларындағыға теңлестириў, жаңа оқыў жылынан техникум ҳәм колледж оқыўшылары ушын да жеңилликли тәлим кредитин енгизиў бойынша көрсетпелер берилди.
Сондай-ақ, техникумларға қабыллаўды бир жылда 2 мәрте шөлкемлестириў басланады. Бул арқалы кәсиплик билимлендириў менен қамтып алыў 35 процентке артады.
Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине жаңадан шөлкемлестирилетуғын моноорайларда заманагөй кәсиплерди ҳәм шет тиллерин оқытыў, Түркия, Қубла Корея, Германия, Ҳиндстан ҳәм Япониядан қәнигелер тартыў бойынша тапсырма берилди.
Мәжилисте қәсиплик билимлендириў мәкемелеринде ислеп атырған оқытыўшы ҳәм усталарды хошаметлеў мәселесине де итибар қаратылды.
Келеси жыл 1-январьдан олардың айлығы мектеп муғаллимлериниң айлығына теңлестирилетуғыны айтылды. Оқытыўшылардың қәнигелик категориясы ушын төленетуғын үстеме арасындағы айырмашылық 2 есеге арттырылады. Ерискен нәтийжесине қарай, пидайы ҳәм инталы устазлардың айлығына 50 процентке шекем үстеме төлеў енгизиледи. Келеси жылы бул ушын бюджеттен қосымша 150 миллиард сум ажыратылады.
Соның менен бирге, профессионал билимлендириў мәкемелериндеги педагоглардың маманлығын арттырыў факультетлериниң орнына ҳәр бир ўәлаятта Профессионал таярлық орайлары шөлкемлестириледи. Бул орайлар жумыс бериўшилердиң талабын үйренип, сырт ел тәжирийбеси тийкарында педагоглардың маманлығын арттырады.
Халықты кәсип-өнерге оқытыўда жеке сектордың үлесин көбейтиў ушын да бир қатар жеңилликлер белгиленди. Оған бола, енди лицензия алыў ушын талаплар жеңиллетилип, зәрүр қаржының минимал муғдары 2 есеге азайтылады. Бос имаратлар узақ мүддетке ижараға бериледи. Сырт елден алып келинген қолланба ҳәм үскенелер бажыхана төлемлеринен азат етиледи. Халықаралық маманлық сертификатларын алған ҳәр бир питкериўшиге 1 миллион сумнан төленеди. Мүтәж жаслардың төлемли-контракт қаржыларының 30 проценти қаплап бериледи.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша министрлер, ҳәкимлер, кәсип-өнер мектеплери ҳәм моноорайлардың басшылары шығып сөйлеп, өз усынысларын билдирди.
ӨзА