Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасында  «Конституциялық реформалар: усыныс ҳәм пикирлер» атамасында дөгерек сәўбети болып өтти.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, министрликлер менен жәмийетлик шөлкемлердиң, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Конституциялық реформаларды әмелге асырыўға байланыслы жумыслардың мазмун-мәнисин  ҳәм әҳмийетин кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде өткерилген дөгерек сәўбетин Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасының баслығы С.Худайбергенов кирис сөз бенен ашты.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша усы Халық қабылаўханасының бас қәнигеси Ғ.Тлеўмуратов, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң бөлим баслығы Ә.Өтеўлиев, жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары М.Турсынов шығып сөйледи.

 

 

Атап өтилгениндей,  Тийкарғы Нызамымызды реформалаўды биринши болып Президентимиз алға қойған еди. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 29 жыллығына бағышланған мәжилисте Тийкарғы Нызамға киргизилиўи тийис болған 9 бағдарды белгилеп берди. Бул өзгерислерди Конституциямыздың 30 жыллығы алдынан – 2022-жылдың 8-декабрине шекем киргизиўди усыныс етти.

Усы жылдың 20-май күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасының қоспа мәжилисиниң қарары менен Конституцияға өзгерислер киргизиў бойынша Конституциялық комиссия дүзилди. Бүгинги күни бул комиссия «жәмийет-реформалардың басламашысы» идеясы тийкарында жумыс алып бармақта.

Илажда шығып сөйлегенлер, Конституцияға өзгерислер киргизиўдиң әҳмийетине тоқтап өтип, бир қатар пикир-усынысларын билдирди.

Дөгерек сәўбетине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Отемисов қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери