Бозатаў районындағы «Көксуў» аўыл пуқаралар жыйынында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары-Ишки ислер министрлиги жанындағы Тергеў басқармасының баслығы ўазыйпасын атқарыўшы А.Утемуратов тәрепинен гезектеги көшпели қабыллаў болып өтти.
Күн даўамында жәми 18 пуқараның бәнтлик, социаллық жәрдем, турмыслық машқалалар бойынша мүрәжаты қабыл етилип, соннан үш мүрәжаты сол жердиң өзинде унамлы шешимин тапты.
Илаж даўамында кем тәмийинленген бир пуқараға электр печи, 2 пуқараға азық-аўқат өнимлери тапсырылды. 15 мүрәжаттың орынланыўы қадағалаўға алынды.
Бундай көшпели қабыллаўларды тастыйықланған режеге тийкарланып басқа районлар да өткериў режелестирилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги