Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 10-июнь күни қайта тиклениўши энергиядан пайдаланыўды кеңейтиў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Мәмлекетимизде инсан қәдирин улығлаў барлық жумысларда тийкарғы принцип етип белгиленген. Адамлардың жақсы жасаўы ушын ең зәрүр дәреклерден бири болса бул энергия. Кейинги жыллардағы реформалар нәтийжесинде бул тараўдағы үзилислер бираз азайды. Бирақ, гүзги-қысқы мәўсимде халықтың энергияға болған талабы кескин артыўы себепли барлық аўырлық электр тармақларына түспекте.
Бүгинги күнде елимизде 2-3 миллиард киловатт саат электр энергиясына қосымша талап бар. Келеси бес жылда болса бул талап 10 миллиард киловатт саатқа артыўы күтилмекте.
Бундай жағдайда ең нәтийжели жол турақ жай, кәрхана, бақша, мектеп ҳәм емлеўханаларда альтернатив энергиядан пайдаланыўды көбейтиў болып есапланады.
Сол себепли мәжилисте қайта тиклениўши энергия үскенелерин кеңнен енгизиў, бул бағдарда халықты қоллап-қуўатлаў илажлары додаланды.
– Бүгинги мәселе улыўма миллий әҳмийетке ийе. Бул жумысларды бәринен бурын өзимизден баслаўымыз керек. Ҳәр бир ҳәким, министр, барлық дәрежедеги басшылар жеке үлги көрсетиўи, өз үйи, жумыс орнында альтернатив энергия үскенесин орнатыўы зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.
Бул бағдарда халық ҳәм исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ушын жаңа система белгиленди. Бул системаға бола, ҳәр бир орнатылған қуяш ҳәм самал электр үскенеси ушын, қуўатлылығына қарап, 15 миллион сумға шекем, суў ысытыў қурылмасы ушын болса 2 миллион сумға шекем компенсация төленеди. Ямаса үскенениң баҳасын 3 жыл ишинде процентсиз, бөлип-бөлип төлеў имканияты жаратылады.
Мәселен, бир шаңарақ суў ысытыў ушын бир айда орташа 195 мың сум қәрежет жумсайды, деп айтайық. Енди олар 6 миллион сум есабынан 200 литрлик қуяш қурылмасын орнатса, мәмлекеттен 2 миллион сум компенсация алады. Онда ҳәр ай кеткен қәрежет жумсалыўы есабынан, суў ысытыў қурылмасы 21 айда ақшасын ақлайды ҳәм «өзине қалады».
Егер, шаңарақ компенсацияны емес, бөлип-бөлип төлеўди таңласа, айлық төлем 170 мың сум болады. Яғный, ҳәзирги төлеминен де аз болады ҳәм үш жылдан кейин ыссы суў ушын улыўма қәрежет жумсамайды.
Және бир қолайлы тәрепи, адамлар буның ушын бирде-бир уйымға барып жүрмейди. Ҳәмме ҳүжжетлер үскене сатып алынатуғын орынның өзинде шешип бериледи. Бул система Энергетика министрлигиниң арнаўлы қоры арқалы енгизиледи.
Мәмлекетимиз басшысы барлық процесслерди санластырып, бул жаңа системаны 1-сентябрьден жолға қойыў бойынша көрсетпе берди.
Айрықша итибар мүтәж шаңарақлар, алыс ҳәм шетки аймақларды усындай энергия дәреклери менен тәмийинлеў мәселесине қаратылды. «Жаңа Өзбекстан» массивлеринде қурылып атырған көп қабатлы турақ жайлар. «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеңберинде көшедеги жақтыландырыўшыларға альтернатив энергия үскенелерин орнатыў зәрүр екени атап өтилди.
Мәжилисте орынлардағы унамлы тәжирийбелер де көрсетип өтилди.
Мысал ушын, Қарақалпақстан Республикасының Хожели районындағы 3-мектеп-интернатта 12 киловатт қуўатлылыққа ийе қуяш панельлери ҳәм 1 тонна суўды ысытыў үскенелери орнатылған. Нәтийжеде бул мәкеме жылына 30 миллион сум муғдарында электр энергиясы ҳәм тәбийғый газди үнемлемекте.
Менделеев атындағы химия-технология университетиниң Ташкент қаласындағы филиалында да қуяштан қуўатлылық алатуғын 100 киловаттлы үскене ҳәм 36 суў ысытыў қурылмасы орнатылған болып, жылына дерлик 2 миллиард сум муғдарында электр энергиясы үнемленбекте.
Бундай жумысларды ғалаба ен жайдырып, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери, мектеп, медицина ҳәм басқа да социаллық объектлерде басқышпа-басқыш альтернатив энергия үскенелерин орнатыў ўазыйпасы қойылды.
Сондай-ақ, 2023-жылдан саўда ҳәм кеўилашар комплекслер, ресторан, мийманхана, жанылғы қуйыў шақапшалары, аэропорт, вокзал, коммерциялық банклер сыяқлы көплеген имаратларда ыссы суў тәмийнаты ҳәм сыртқы жақтыландырыўдың бир бөлегин альтернатив энергия есабынан қаплаў талабы киргизиледи.
Есап-санақларға қарағанда, бир жылда Өзбекстанда 10 миллиард доллар муғдарында электр ҳәм газ пайдаланылады. Мысал ушын, өткен жылы энергия ресурсларына Суў хожалығы министрлиги 3 триллион сум, халық билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў системалары 200 миллиард сумнан бюджет қаржыларын жумсаған.
Президент барлық министрликлер ҳәм уйымлар, ҳәкимликлер, мәҳәлле имаратларын да альтернатив энергияға өткериў ўақты келгенин атап өтти.
Сол себепли Қаржы министрлигине мәмлекетлик уйымларда энергия ресурсларының тутыныўы бойынша нормаларды белгилеў, экономика тармақлары ҳәм социаллық объектлерде Энергияны үнемлейтуғын миллий бағдарламаны ислеп шығыў тапсырылды.
Буннан былай альтернатив энергия қурылмаларына талаптың артыўын есапқа алып, оларды ислеп шығарыўды көбейтиў зәрүр екени атап өтилди.
Халқымызды қосымша энергия менен тәмийинлеўдиң және бир дәреги гидроэлектр станциялары болып табылады. Ол қуўатлылықты арттырыў ушын аймақларда микро ҳәм киши гидроэлектр станцияларына сәйкес майданлар белгиленип, жәми 56 Мегаваттлық 200 жойбар ислеп шығылған.
Мәмлекетимиз басшысы олар бойынша жеке меншик шериклик жойбарларын баслаў керек екенин атап өтти. Онда исбилерменлер ушын қолайлы тарифлер белгиленеди ҳәм жер участкасы аукцион жеңимпазына узақ мүддетли ижараға бериледи. Қуяш, самал ҳәм микроГЭСлардың артықша электр энергиясы кеминде 10 жыл даўамында мәмлекет тәрепинен кепилликли сатып алынады.
Мәжилисте жуўапкер басшылар ҳәм исбилерменлер күн тәртибиндеги мәселениң әҳмийетин атап өтип, өз системасындағы режелерди билдирди.
ӨзА