Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 10-июнь күни Бирлескен Араб Әмирликлериниң ҳүкимет жумыслары бойынша министри Муҳаммад бин Абдуллоҳ ал-Гаргавий басшылығындағы делегацияны қабыллады.
Өзбекстан ҳәм БАӘ арасындағы көп қырлы бирге илсесиўди және де раўажландырыў ҳәм оны жаңа әмелий мазмун менен байытыўдың әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Министр Муҳаммад ал-Гаргавий мәмлекетимиз басшысына Әмирликлер Президенти Шайх Ол Наҳаян ҳәм БАӘ Бас министри, Дубай әмирлигиниң ҳәкими Шайх Муҳаммад ол Мактумның сәлеми ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Бирлескен Араб Әмирликлери ҳүкимети Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳәм жаңаланыўлар бағдарламасын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап атырғаны, оның нәтийжели әмелге асырылыўында зәрүр жәрдемди көрсетиўге таяр екенлиги атап өтилди.
Кейинги жыллары Өзбекстан – БАӘ қатнасықлары жедел раўажланып баратырғанын атап өтиў орынлы. Товар алмасыў көрсеткишлери ҳәм инвестициялар көлеми өспекте. Соның ишинде, усы жылдың басынан өз-ара саўда еки есеге көбейди, мәмлекетимизде 45 жаңа қоспа кәрхана шөлкемлестирилди.
Экономикалық бирге ислесиўди муўапықластырыў ҳәм әмелге асырыў бойынша тәсиршең система тийкарында Әмирликлердиң жетекши компаниялары менен шөлкемлериниң қатнасыўында инвестициялар көлеми дерлик 3 миллиард доллар болған 17 ири жойбар әмелге асырылмақта.
«Mubadala» компаниясы менен биргеликте Талимаржан ыссылық электр станциясы қуўатлықларын кеңейтиў, «Masdar» компаниясы менен болса елимиз аймақларында самал ҳәм қуяш электр станцияларын қурыў жойбарлары әмелге асырылмақта.
Жетекши «DP World» компаниясы менен «Наўайы» мультимодал хабы ҳәм экономикалық зонасын раўажландырыў, сондай-ақ, бажыхана ҳәкимшилиги системасын модернизациялаў мәселелери ислеп шығылмақта.
Буннан тысқары, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, логистика, санластырыў ҳәм басқа да бағдарларда бир қатар ири жойбарлар әмелге асырылмақта.
Сөйлесиўлер ўақтында мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин арттырыў бағдарындағы, «Бир миллион программист» бағдарламасы ҳәм Социаллық-экономикалық реформалар акселераторы жумысы шеңбериндеги бирге ислесиўдиң әмелий нәтийжелери үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Инновациялар ҳәм жасалма интеллект тараўларында бирге ислесиў, әҳмийетли тармақларды реформалаў, мәмлекетлик басқарыўды және де жетилистириў ҳәм заманагөй кадрларды таярлаў бойынша сөйлесиўди кеңейтиў узақ мүддетли шерикликтиң жаңа бағдарлары сыпатында белгиленди.
Қабыл етилген қарарлар ҳәм ушырасыўда алға қойылған басламаларды толық әмелге асырыў бойынша биргеликтеги «жол картасы»н қабыл етиўге келисип алынды.
ӨзА