Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Көркем өнер факультетиниң реңли сүўрет қәнигелиги 2-курс студенти Расул Серимбетовтың жеке көргизбеси шөлкемлестирилди.
Көргизбеге оның ҳәр қыйлы жанрдағы 30 дан аслам шығармалары қойылды.
Көргизбениң ашылыў мәресиминде Бердақ атындағы Қарақалпақстан әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинин директоры Шәригүл Пайзуллаева, Өзбекстан көркем академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Ахмет Хожамбергенов, факультет деканының жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша орынбасары Икрам Жуманиязов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, студент Р.Серимбетовтың дөретиўшилик жумысларына айрықша баҳа берди.
Атап өтилгениндей, Р.Серимбетов усы күнге шекем өзиниң жақсы минези, мийнет сүйгишлиги менен қатарларына үлги болып, университет тәрепинен шөлкемлестирилген бир қатар мәдений-ағартыўшылық илажларда, таңлаўларда белсене қатнасып, жеңимпазлар қатарынан орын ийелеп келмекте.
– Расул жақсы оқып, үлгили минези менен көзге түсип келмекте,-дейди оның устазларының бири кафедра аға оқытыўшысы Ж.Абатов. – Ол ҳәр қыйлы таңлаўларға белсене қатнасып, мәселен Наўрыз байрамы мүнәсибети менен унверситетте «Ҳәр күниң Наўрыз болсын» атамасында өткерилген көргизбели таңлаўда «Ең жақсы сүўретлеў өнери шығармасы» номинациясы бойынша екинши, «Ўатанның раўажланыўына мениң үлесим» таңлаўының Нөкис қалалық басқышында «Сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер» бағдары бойынша биринши орынды ийелеп, республикалық басқышқа жоллама алды. Басқа да таңлаўларда сыйлы орынларды ийелеп келмекте.
Биз де устаз сыпатында оның жетискенликлеринен қуўанып, оның алдағы оқыўларында, дөретиўшилик жумысларында тасқын табыслар болыўына тилеклеспиз.
М.Қасымова,
ҚМУ журналистика бағдарының 3-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери