Нөкис қаласы ишки ислер уйымлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы, Жаслар агентлигиниң Нөкис қалалық бөлими ҳәм Өзбекстан Жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен «Жас ҳуқықтаныўшы» таңлаўының Нөкис қалалық басқышы өткерилди.
Таңлаўды өткериўден мақсет – жаслардың ҳуқықый саўатлылығын, мәдениятын арттырыў ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў болып есапланады.
Таңлаўда қатнасыўшылардың ана тили ҳәм әдебияты, Өзбекстан тарийхы, мәмлекет ҳәм ҳуқық тийкарлары пәнлери бойынша билимлери сынақтан өткерилди.
Улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары арасында, 7-13 жас категориялары бойынша өткерилген усы таңлаўда 36-санлы мектептиң оқыўшысы Айзада Муратбаева биринши, 28-санлы мектептиң оқыўшысы Мухаммедияр Султамуратов екинши, 27-санлы мектептиң оқыўшысы Алпамыс Қуўанышбаев үшинши орынды ийеледи.
Жеңимпазлар диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланып, таңлаўдың келеси республикалық басқышына жоллама алды.
М.Қасымова,
ҚМУ журналистика бағдарының 3-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги