Өзбекстан Конституциясына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша ең көп усыныслар инсан ҳуқықлары, суд ҳәкимияты ҳәм басқаларға байланыслы мәселелер бойынша жиберилмекте.

Бул ҳаққында Конституциялық комиссия баспасөз хызметиниң брифингинде айтылды.

Атап өтиўинше, 11-июнь ҳалатына бола жәми 20 мың 148 усыныс келип түскен. Олардың көпшилиги meningkonstitutsiyam.uz платформасы арқалы қабыл етилген. Усыныслардың 11 мың 306 и ер адамлар, 6 мың 422 си ҳаял-қызлар тәрепинен, 2420 аноним түрде жиберилген. Усыныслардың 70 процентинен асламы 30 жасқа шекемги жаслардан келип түскен.

Усыныслар 24 саат даўамында қабыл етилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги