Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы делегация Халықаралық мийнет шөлкеми (ХМШ) конференциясының 110-сессиясына қатнасыў ушын Швейцарияның Женева қаласына сапар етти.

Сапар етиў  шеңберинде Сенат баслығы Танзила Норбоева Халықаралық мийнет шөлкеминиң бас директоры Гай Райдер менен ушырасты.

Өз-ара сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм ХМШ арасындағы байланыслардың бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.

Сөйлесиўлер нәтийжесинде Өзбекстан ҳәм ХМШ арасындағы бирге ислесиўдиң көлемин кеңейтиўге, соның ишинде, мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў мәселесинде бирге ислесиўге келисип алынды.

ӨзА