Президент билимлендириў мәкемелерине 2022-2023 оқыў жылы ушын 75 мыңға шамалас квота ажыратылды. Бул ҳаққында Президент билимлендириў мәкемелери агентлиги Қабыллаў комиссиясының баслығы Алишер Уббиев УзАға берген интервьюинде хабарлады.
“Президент билимлендириў мәкемелерине 5-11-класс оқыўшыларына 2022-2023 оқыў жылы ушын жәми 75 мыңға шамалас квота ажыратылған. Атап айтқанда, Президент мектеплериниң ҳәр бирине 24 оқыўшы, жәми 336 ул-қыз қабыл етиледи. Таяныш мектеплерине де өз алдына квота белгиленген. Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы ИКТға қәнигелестирилген мектеп 120 оқыўшы қабыл етеди. Әбу Әли ибн Сина ҳәм Мырза Улығбек атындағы қәнигелестирилген мектеплерге болса 40 тан квота берилди”,— дейди Алишер Уббиев.
Оның атап өтиўинше, ҳәзирге шекем Президент мектеплерине 4 мыңға шамалас, қәнигелестирилген мектеплерге 10 мыңнан зыят ҳүжжет қабыл етилген.
“Быйылғы жылдан баслап 14 Президент мектебине ул-қызлар тек 5-класстан баслап алынады. Имтиханлар еки басқышта болып өтеди. Ҳәр бир мектеп ушын биринши басқыштан табыслы өткен, 480 нен жоқары балл топлаған оқыўшы алынады ҳәм екинши басқышқа өткериледи. Екинши басқыштан кейин 24 оқыўшы таңлап алынады”, дейди қабыллаў комиссиясының баслығы.
Буннан тысқары, ҳәзир мәмлекетте ҳәрекет етип 9 дөретиўшилик мектепке тек 7-классқа ҳүжжет қабыл етиледи. Жаңадан ашылып атырған қәнигелестирилген мектеплерде болса быйылғы жылы белгиленген нормадан зыят жол менен де 5-11-класслар да қабыл етиледи.
“Аймаққа тийисли емес мектеплер де бар. Мысалы, Дөретиўшилик мектеплери ҳәм Ташкент қаласында жайласқан үш таяныш мектеп- Әбу Әли Ибн Сина, Мырза Улығбек, Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы қәнигелестирилген мектеплерге аймақлық тийислилигине қарамастан ҳүжжет тапсырыў мүмкин. Муҳаммед әл-Хорезмий атындағы ИКТға қәнигелестирилген мектепке 5-класстан, қалған еки қәнигелестирилген мектепке болса 7-класстан оқыўшы қабыл етиледи”, деп қосымша еткен Алишер Уббиев.
Гулхатиша Уразбаева,
ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим бағдары 3-курс студенти
Қарақалпақстан хабар агентлиги